Өзбекстан-Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў, еки мәмлекет арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Өткен жылы ноябрь айында Москва қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Усы жылдың басынан жедел сөйлесиўлер ҳәм өз-ара сапарлар пәти артқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Март айының ақырында биринши Ташкент халықаралық инвестициялық форумы ҳәм апрель айында Өзбекстан пайтахтында жаңа регионаллық форматта шөлкемлестирилген «Иннопром» халықаралық санаат көргизбеси шеңберинде еки тәреплеме илажлар табыслы өткерилди.
Санаат кооперациясы бойынша тийкарғы жойбарлар даўам еттирилмекте. Усы жылдың басынан берли товар алмасыў көлеми 40 процентке артты.
Гуманитар бирге ислесиўге байланыслы, соның ишинде, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, туризм ҳәм спорт тараўларында әҳмийетли бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери исбилермен топарлар арасындағы кооперациялық байланысларды тереңлестириў ҳәм аймақлараралық байланыслардың үлкен потенциалынан нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Регионаллық күн тәртиби ҳәм халықаралық сиясат мәселелери бойынша да пикир алысты.
Еки мәмлекет Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи әдеттегидей ашықлық, исеним ҳәм дослық руўхында болып өтти.
ӨзА