Усы жыл 24-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеңесиниң мәжилиси болып өтти.
Илажда аймақлық Кеңестиң ағзалары, мәмлекетлик басқарыў уйымлары, министрликлер, мәкемелердиң басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери, олардың орынбасарлары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов басқарып барды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорының орынбасары У.Тухташева, Қарақалпақстан Республикасының прокуроры Ф.Алламбергенов, Әдиллик министри С.Мәмбетқадыров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Е.Аташов шығып сөйлеп, прокуратура уйымлары тәрепинен өткен дәўир даўамында коррупцияға қарсы гүресиў, атап айтқанда, қала ҳәм район ҳәкимликлеринде әмелге асырылған жумыслар, өткен жылы айырым қала ҳәм район ҳәкимлери орынбасарларының коррупцияға жол қойғанлығы бойынша сол аймақларда аймақлық Кеңестиң ағзалары тәрепинен өткерилген үйрениўлердиң нәтийжеси, атап өтилген қала ҳәм район ҳәкимликлериндеги кемшиликлерди сапластырыў бойынша ислеп шығылған «Жол картасы»на тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, бүгинги күни халықтың турмыс шараятын жақсылаў, оларға мүнәсип шараят жаратып бериўде барлық тараўларда коррупцияның алдын алыў айрықша әҳмийетке ийе. Бул бағдарда алып барылып атырған илажлар Жоқарғы Кеңестиң сессияларында депутатлар менен, жергиликли Кеңеслердиң мәжилислеринде ағзалар менен биргеликте турақлы додаланып келинбекте.
Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеңеси ағзаларының есабаты турақлы түрде тыңланып, тийисли тараўлардың ҳәм атқарыўшы уйымлардың басшыларына анық тапсырмалар белгилеп берилип, тийисли қараралар қабыл етилмекте. Жоқарыдағылар менен бир қатарда, коррупция жағдайлары көп ушырасып атырған аймақлар, тармақлар ҳәм тараўлар терең талланып келинбекте.
Атап айтқанда, коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик ҳәм басқа да бағдарламалардың әмелге асырылыўын шөлкемлестириў мақсетинде аймақлық Кеңестиң ағзалары тәрепинен министрлик, мәкеме ҳәм кәрханаларда ушырасыўлар, семинар, дөгерек сәўбетлери өткерилмекте. Халықтың арасында сораўнамалар өткерилип, усы илажға аймақлық Кеңестиң ағзаларынан тысқары жаслар, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм халық ўәкиллери қатнастырылмақта. Аймақлық Кеңестиң жумысы, өткерилип атырған илажлар ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендирилип келинбекте.
Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеңеси мәжилислеринде мәмлекетлик уйымлар, атап айтқанда, Қурылыс, Мектепке шекемги билимлендириў, Халық билимлендириў, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрликлериниң, сондай-ақ, жергиликли бюджетлер есабынан шөлкемлестирилген ўақтыншалық ҳәм арнаўлы фондлардың қаржыларынан пайдаланыў тәртиби туўралы үлги реже талабына бойсынылыўы бойынша Қаржы министрлигиниң есабаты тыңланды.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў системасында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылған жумыслар бойынша үйрениў алып барылды ҳәм нәтийжеси аймақлық Кеңестиң мәжилисинде көрилди.
Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы уйымлары тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм усы түрдеги ҳуқықбузарлықлардың және жынаятлардың алдын алыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылғанлығы атап өтилди. Атап айтқанда, өткен жылы республикамыз аймағында 229 лаўазымнан пайдаланыў ҳәм коррупциялық жынаят жүз берген болса, усы жылдың өткен 4 айы даўамында 80 жынаят жүз берген.
Илажда усы жынаятлардың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, коррупция жағдайына жол қойылған қала ҳәм район ҳәкимликлериндеги кемшиликлерди сапластырыў бойынша ислеп шығылған «Жол картасы» тастыйықланды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери