Швейцарияның «LATMA-ADED» шөлкеминиң жәрдеми менен Мойнақ районындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде суў тазалаў үскенеси иске түсирилди.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы, район ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Мойнақ районын раўажландырыўда нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаў басқармасы, «LATMA-ADED» шөлкеминиң ўәкиллери қатнасты.
Атап өтилгениндей, бул жойбар Швейцарияның «LATMA-ADED» шөлкеми ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы менен биргеликте әмелге асырылды. Районға келген сырт елли қәнигелер мектепке үскенелерди орнатыў, сынаўдан өткериў ҳәм жергиликли қәнигелерди үйретиў жумысларын алып барды. Оларға Аралбойы халықаралық инновация орайының ўәкиллери жақыннан жәрдем берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги