Усы жылдың 22-май сәнесинде Нөкис қаласы Жаслар орайында республикамыз жасларыныӊ қатнасыўында әдебият байрамы болып өтти.
Кешеге белгили шайыр, Өзбекстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Бобур Бобомурод, жас жазыўшы Жавлон Жовлиев, Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының жуўаплы хаткери, балалар жазыўшысы Бекназар Ерназаров, шайыр Раўаж Отарбаев, Қарақалпақстан халық артисти Дәлибай Мәмбетмуратовлар қатнасты.
Әдебият кешеси қызықлы сораў-жуўаплар, әдебий сәўбетлер ҳәм еске түсириўлер менен өзгеше руўхта өтти.
Сондай-ақ, кешеде Жаслар ислери агентлиги жанында өз жумысын баслаған “Жас дөретиўшилер” клубы ағзасы Муҳаммеддин Айтжанов миллий саз-әсбабымыз болған дуўтарда жанға жағымлы қосығын атқарған болса, усы клубтың ағзасы Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ең жас ағзасы, жас шайыр Аллаяр Дарменов, ҳәўескер шайырлар Сәҳипжамал Сырғабаева, Атағулла Сәтбаев, Әбдирахман Қойлыбаевлар өз дөретпелеринен оқып берди.
Кешеде шайыр ағаларымыз оқыўшыларға өзлериниң баҳалы мәсләҳәтлерин берди.
– Ибрайым Юсупов, Абдулла Арипов, Төлепберген Қайыпбергеновлар сизлердиң араңыздан шығады, соның ушын оқыў, излениў ҳәм китап пенен дос болыў керек, – дейди устазларымыз.
Кеше соңында Ташкент қаласы ҳәкимлиги қәўендерлигинде алып келинген Бобур Бобомуродтың “Кўргим келар сизни негадир” ҳәм Жавлон Жовлиевтиң “Қўрқма” романы илаж қатнасыўшыларына саўға етилди. Бул олар ушын ең әжайып саўға болды.
Перуза Яқупбаева,
Гаўхар Султанбаева
Бердақ атындағы ҚМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 1-курс студентлери
Қарақалпақстан хабар агентлиги