Республикамыздыӊ барлық аймақларында болғаны сыяқлы Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўы Нөкис қаласындағы “Таслақ” елатында да шөлкемлескенлик пенен болып өтти.
Төрт мыӊнан аслам халық жасайтуғын бул жыйын аймағында, 18 жастан асқан пуқаралар 1952 адамды қурайды. Солардан 240 адам сайлаўға қатнасыўшы ўәкил етип белгиленген.
Сайлаў алдынан пуқараларға мәкан пуқаралар жыйынының баслығы лаўазымына талабанлар Камил Абдикеев ҳәм Кайратдин Азизовтыӊ өмир жолы ҳәм сайлаў алды бағдарламалары менен жақыннан таныстырылды.
Буннан соӊ ўәкиллер өзлери ылайық деп тапқан талабанға даўыс берди ҳәм оныӊ нәтийжелерине бола 88,75% даўысқа ийе болған Кайратдин Азизов мәкан пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына қайта сайланды.
Бийбижамал Реймбаева,
Бердақ атындағы ҚМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниӊ 1-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги