Ҳүкимет қарарына бола, 2022-2023-оқыў жылынан мәмлекетлик мектеплерде оқыўшылар ушын мектеп формасы толық енгизиледи. Алдынырақ бул процесс 2024-2025 оқыў жылына шекем кешиктирилген еди.
ӨзАның (@uzauz) хабар бериўине қарағанда, 2022-жыл 1-июнь сәнесине шекем аймақлар кесиминде 2022-2023-оқыў жылында мектеп формаларына зәрүрлик анықланады.
Кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери ушын мектеп формасы жергиликли бюджет және “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери” фондларының қаржылары есабынан сатып алыныўына жәрдем бериледи.
Соның менен бирге, 2022-жыл 10-август сәнесинен ҳәр бир район (қала) да мектеп формасын ислеп шығыўшылардың саўда шақапшалары шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги