Президентимиздиң тапсырмасына муўапық халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықты қыйнап киятырған ҳәр қандай машқалаларды унамлы шешиў мақсетинде Нөкис қаласына Ташкент қаласы бериктирилген еди.

Өткен шемби күни Нөкис қаласында Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте «Бес баслама ҳәрекети Нөкис-2022» форумы шеңберинде «Билим ринг» интеллектуаллық ойыны, бир қатар спорт түрлери бойынша жарыс болып өтти.

Атап айтқанда, «Билим ринг» интеллектуаллық ойынына республикамыздың қала ҳәм районларынан 16 команда қатнасты. Оның жуўмағында Қанлыкөл районының «Мәденият жаслары» командасы биринши, Елликқала районының «Dream Time» командасы екинши, Шоманай районының «Массагет» командасы үшинши орынларды ийеледи.

Нөкис қаласындағы 1-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде волейбол, мини футбол, арқан тартысыў, жеңил атлетика, street workout, стол тенниси, шахмат ҳәм басқа да бир қатар спорт түрлеринен, Жаслар орайында кибер спорт бойынша жарыслар болып өтти. Жарыс жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илаж И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда белгили эстрада жулдызларының ҳәм көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы гала концерт пенен даўам етти.

Онда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Ташкент қаласының ҳәкими Ж.Ортиқхожаев қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери