Төмендеги шахсларға қәўипсизлик белбеўин тақпаўға рухсат бериледи:
– автомобильдиң артқы отырғышындағы 12 жасқа шекемги балалар;
– оқыў-шынығыў транспорт қуралын оқыўшы басқарып атырған ўақытта автомототранспортты ямаса қалалық электр транспортын басқарыўды үйрететуғын әмелий сабақлар инструкторы;
– ҳәмиледар ҳаяллар, денсаўлығы қәўипсизлик белбеўин тағыў имканиятын бермейтуғын наўқаслар (Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленген кеселликлер дизимине муўапық ҳәм усы кеселликлер менен кеселленгени бойынша медициналық мағлыўматнама болғанда);
– хызмет ўазыйпасын атқарып атырған хызметкерге бириктирилген көк ямаса қызыл реңли жылтырақ маяги менен үскенеленген ҳәм арнаўлы реңли бояў схемалар және жазыўлар менен белгиленген транспорт айдаўшысы ҳәм жолаўшылары.
Мотоцикл ҳәм мопедте ҳәрекетленип атырған айдаўшы ҳәм жолаўшылар арнаўлы мотошлем кийиўи ҳәм оны байлап алыўы шәрт.
Қарақалпақстан хабар агентлиги