18-май күни Өзбекстан сыртқы ислер министри Владимир Норов Ташкентке келген Израиль туризм министри Йоэл Развозов пенен ушырасқан.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Израиль бирге ислесиўиниң ҳәр қыйлы тараўларындағы әҳмийетли мәселелери додаланып, саўда-экономикалық тараўдағы байланысларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылған.

Сондай-ақ, Израиль тәрепи кейинги ўақытлары пүткил дүньяда, соның ишинде, Израилда да да Өзбекстанға перспективалы туристлик бағдары сыпатында қызығыўшылық артып баратырғанын айтқан.

Өзбекстанға туристлер ағымын көбейтиў, мәмлекетимиздиң туризм санаатын раўажландырыў, туристлерге көрсетилип атырған хызметлер түрлерин жетилистириў ҳәм кеңейтиў бойынша анық усыныслар көрип шығылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги