Саўданыӊ дурыс ҳәм келисимли болыўында мәмлекетимиздеги биржалардың орны үлкен. Биз Өзбекстан Республикасы Товар-шийки зат биржасы Қарақалпақстан филиалы қәнигелери менен сәўбетлесип, 2022-жылдың январь-апрель айларында республикамыз бойынша жәми қанша өним биржа арқалы сатылғанлығын билиўге еристик.
Атап айтқанда, биржаның Қарақалпақстан Республикасы филиалында ҳәрекет етип атырған 33 саўда майданшасы ҳәм биржаныӊ 56 ағзасы бар.
Өзбекстан Республикасы Товар-шийки зат биржасы акционерлик жәмийети Қарақалпақстан филиалында усы жылдың январь-апрель айларында Қарақалпақстан Республикасы кесиминде жәми 1,4 триллион сумлық 45 өним биржа саўдалары арқалы сатылды.
Солардың ишинде, «Қарақалпақ цемент» кәрханасы жақсы нәтийже көрсетти. Атап айтқанда, кәрхана тәрепинен өткен жылдың январь-апрель айларында 8,5 миллиард сумлық цемент өнимин сатылған болса, быйылғы жылда бул көрсеткиш 20,1 миллиард сумды қурап, 2,4 есеге көбейиўине ерисилген.
Бийбижамал Реймбаева
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 1-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги