Ташкент қаласындағы  «Пахтакор» стадионында Өзбекстан ҳәм Италия А Сериясы әпсана футболшылары арасында дослық ушырасыўы  болып өтти.

Ойын ҳәр бири 30 минуттан ибарат еки тайм ўақыт аралығында даўам етти.

Қызықлы болып өткен ойынныӊ 7-минутында италиялы Винченцо Яквинта  Павел Бугало дәрўазасын анық нышанға алып есапты ашқан болса, 19-минутта Санжар Турсунов  тәрепинен берилген  шырайлы соққы Кристиан Аббиатиди шарасыз қалдырды.

Биринши таймныӊ соӊғы минутларында Винченцо Яквинта мийманларды және бир мәрте алдынға алып шыққан болса, екинши таймда Қарақалпақстан футболыныӊ мақтанышы Нағметулла Қутыбаев өз шеберлигин көрсетип, арадаға есапты теӊлестириўге миясар болды.

47-минутта Сервер Жепаров тәрепинен мийманлар дәрўазасына урылған гол Өзбекстанға жеӊис алып келди.

Өзбекстан футболыныӊ 110 жыллық байрамына бағышланған илажда мийманларға өзбек миллий зер шапанлары саўға етилди.

Ушырасыўды Өзбекстан футбол ассоциациясы президенти Абдусалом Азизов, ПФЛ директоры Диёр Имомхўжаев ҳәм басқалар тиккелей стадионнан тамашалады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы