Елимизде ишки туризмди раўажландырыў, жас әўладтыӊ Ўатанымыздың бай мәдений тарийхы бойынша билимлерин еле де кеӊейтиў, ата-бабаларымыздың бай миллий мийрасларына болған ҳурмет сезимлерин арттырыў мақсетинде, Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы мектеп жәмәәти тәрепинен оқыўшылардыӊ Нөкис қаласы ҳәм Шымбай районындағы бир қатар тарийхый ҳәм мәдений орынларға саяхаты шөлкемлестирилди.
Атап айтқанда, мектеп оқыўшылары өз муғаллимлери менен биргеликте уллы шайырларымыз Күнхожа Ибрайым улы, Бердақ Ғарғабай улы ҳәм қарақалпақ бақсышылық өнериниӊ тийкарын салыўшы Ақымбет бақсылардыӊ естелик мақбараларына барып, бул дәргайларды зыярат етти.
Сондай-ақ, оқыўшыларымыз халқымыздыӊ сүйикли шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсуповтыӊ туўылған аўылына барып, ол жерде жайласқан шайырдыӊ үй музейин тамашалап, экспонатлар менен жақыннан танысты.
Соныӊ менен бирге, мектебимиз оқыўшылары пүткил дүньяға «Саҳрадағы Лувр» аты менен кеӊнен танылған республикамыздыӊ мақтанышына айланған И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейине барып , халқымыздыӊ бай мәдений ҳәм тарийхый мийраслары, дүньяға белгили художниклердиӊ сүўретлер көргизбесин тамашалады.
Саяхат даўамында оқыўшылар Әмир Темур атындағы паркте болып, ол жерде мәдений дем алды.
Саятхан Ембергенова,
Шымбай районлық ХББға қараслы 17-санлы мектеп муғаллими.
Қарақалпақстан хабар агентлиги