18-май – Халықаралық музейлер күни мүнәсибети менен орынларда ҳәр қыйлы руўхый-ағартыўшылық илажлар, атап айтқанда, музейлерге саяхатлары шөлкемлестирилип, жасларға халқымыздың тарийхы, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери ҳаққында мағлыўматлар берилмекте.

Әмет ҳәм Айымхан Шамуратовалардың естелигин мәңгилестириў мақсетинде олардың аты менен көшелер, мектеплер аталып, 1999-жылы үй музейи шөлкемлестирилген еди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң тарийх факультети студентлери Нөкис қаласындағы Әмет ҳәм Айымхан Шамуратовалар үй-музейине саяхат етти.

Бул жерде студент-жасларға бул уллы инсанлардың өмири ҳәм дөретиўшилиги туўралы баҳалы мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, А.Шамуратов (1912-1953) белгили қарақалпақ жазыўшысы, аўдармашы, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, жазыўшы сыпатында өзиниң «Ески мектепте», «Мениң жолбарыс пенен жолығысыўларым», «Қырық қыз» драмасы ҳәм басқа да шығармалары менен кең жәмийетшиликке танылды.

Айымхан Шамуратова (1917-1993) ең биринши қарақалпақ актрисаларының бири. Қарақалпақ сахнасының гүли, Әмиў жағасының бүлбили атанған А.Шамуратова өзиниң 76 жыллық өмириниң 60 жылдан асламын театрға, сахнаға бағышлаған. Сыңғырлаған әжайып ҳаўазы менен жанлы ҳаўазда 200 ден аслам қосықларды атқарып, 100ден аслам пьеесаларда баслы рольлерди атқарып шыққан.

Студент-жаслар бул жердеги ҳәр бир бөлимди дыққат пенен тамашалап, ондағы экспонатлар, картиналар, жазыўшының мийнет қураллары, апамыздың кийген кийимлери, зергерлик буйымлары менен танысып, руўхый азық алды.

Усы сәне  мүнәсибети менен университеттиң Археология бағдарының 1-курс студентлери  факультеттиң Археология кафедрасы көргизбелер ханасына да саяхат етти.

– Устазларымыз тәрепинен студент-жасларға ол жердеги сақланып турған археологиялық табылмалар ҳаққында мағлыўматлар берилди,-дейди Археология бағдарының 1-курс студенти Тумарис Қалмуратова. – Кафедрада  археологиялық изертлеўлер ўақтында табылған усы табылмалар (гүзелер, дигирман, майда тағыншақлар, хожалық буйымлары ҳ.т.б)  қайтадан реконструкцияланып бул жерден орын алған.

Саяхатлар даўамында студент-жаслар экспонатлар ҳаққында пикир-усыныслар билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги