Инсаният тарийхына нәзер тасланса, илим адамзаттың ақылый мүтәжлиги, турақлы руўхый шериги, турмыс машақатларын жеңиўде сыналған қутқарыўшысы болып келгенлиги айдынласады. Анық пәнлер, атап айтқанда, математиканың раўажланыўы илимниң басқа тараўларындағы табысын тәмийинлейди.
Ҳәзирги дәўирде раўажланып атырған жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы кәсиплик жумысында оның илимий-инновациялық пикирлеўи ҳәм қурамалы техноген қурылмалардан нәтийжели пайдаланыў дәрежеси күн сайын жоқарылап бармақта. Бул болса, өз гезегинде халықтың математикалық саўатлылығы менен байланыслы. Соның ушын да биз барлық тараўларда белгили бир кәсипке бағдарланып атырған жасларымызды билимлендириў түриниң ҳәр бир басқышында математика пәнин терең үйрениўи ушын имканиятларды кеңейтиўимиз зәрүрлиги дәўир талабы.
Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң «Математика ҳәмме анық пәнлердиң тийкары. Бул пәнди жақсы билген бала ақыллы, кең саналы болып өседи, қәлеген тараўда табыслы ислеп кетеди»,-деген терең мәнили пикирлери арқалы экономикамыздың барлық тараўлар менен тармақларының раўажланыўы ушын ең керекли болған жоқары тәжирийбели қәнигелер таярлаўда математика пәни тәлимин ҳәм илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелилигин раўажландырыў қаншелли әҳмийетке ийе екенлигин түсиниўимиз керек.
Маманлық ҳәм исшеңлик қәбилети жоқары болған айырым қәнигелер өндиристиң белгили бир бағдарларының жедел раўажланыўына себепши болыўы мүмкин. Буған тарийхта көп мысаллар бар. Улыўма алғанда жақсы қәниге болыўы ушын шахс биринши гезекте интеллектуаллық қәсийетлерге ийе болыўы керек ҳәм онда математика пәниниң орны теңсиз. Интеллектуаллық қәсийетлерден бири бул логикалық пикирлеў болып, ол математика пәнин терең үйренгени сайын жетилиседи.
Логикалық пикирлейтуғын шахс қандайда бир машқала ямаса мәселе үстинде ислегенде дедуктивлик додалаў, улыўмаластырыў, анализлеў, системаластырыў, реал баҳалаў, сын көзқарастан үйрениў, мәселени терең түсиниў, әҳмийетлисин сайлап алыў, нызам табыў, анық жуўмақ шығарыў сыяқлы қәсийетлерге ийе болып, оның пикирлеўинде тәртип, анықлық, қысқалық, түсиниклилик сыпатлары көринеди. Бул сыпатлар болса қатаң математикалық нызамлар тийкарында шешилетуғын математикалық мысал ҳәм мәселелерди шешиўдиң ең қысқа жолын тапқанда, теорема ҳәм қағыйдаларды дәлиллегенде, нызамларды абстракт жағдайларда улыўмаластырыўда ҳәм басқа да математикалық изленислер даўамында жетилисип барады. Соның менен бирге, математика пәнин терең үйренген шахста принципиаллық, жуўапкершилик, талапшаңлық, исеним, ҳақыйқатгөйлик, ҳадаллық қәсийетлери қәлиплеседи. Бундай қәсийетлерге ийе қәнигелер ҳәр қандай, ҳәттеки математика илими аз қолланылатуғын тараўлардың раўажланыўына да себепши болады.
Математика илими, оның методлары кең қолланылатуғын тараўлардағы қәнигелердиң математика пәнин терең билиўи болса ҳәзирги заман талабы ҳәм зәрүрлиги. Буннан тысқары математика пәни санлы экономиканың раўажланыўында ең әҳмийетли болған информатика илимине ҳәм мәлимлеме-коммуникациялық технологиялардың раўажланыўына тийкар жаратады. Ҳәзирги дәўирде жеделлик пенен раўажланып атырған бул тараўларда 85-технологиялар бойынша қәнигелердиң математика пәнин ҳәм методларын терең билиўи олардың оғада күшли бәсеки орталығында тийкарғы абзаллықларынан бири болып есапланады.
Усы жылдың 15-апрель күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының мәдений-ағартыўшылық режесине муўапық «Үшинши Ренессанс ҳәм руўхый-ағартыўшылық ояныў: илимий жумыс пенен шуғылланып атырған жаслар мысалында» темасындағы депутлардың Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институты басшысы, академик, Өзбекстан Қаҳарманы Ш.А.Аюпов қатнасыўындағы дөгерек сәўбетинде жоқарыдағы пикирлер додаланды. Ш.А.Аюпов елимизде математика пәниниң раўажланыўында Президентимиздиң 2019-жыл 9-июльдеги «Математика билимлендириўин ҳәм илимлерди буннан былай да раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институтының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары оғада үлкен әҳмийетке ийе болғанын атап өтти. 2020-жылдың 7-май күнги «Математика тараўындағы билимлендириў сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары болса елимизде билимлендириўдиң сапасын арттырыўға, математика пәнине қызығыўшы жаслардың көбейиўине, талантлы жасларды селекциялаў механизмин шөлкемлестирип, оларды қәнигелестирилген мектеплерге, кейин ала жоқары билимлендириў мәкемелерине, илимий мектеплерге қамтып алыў мәселелерин нәтийжели шешиўге имканият бермекте. Буннан тысқары, ҳәр бир тәлим бағдарына тийисли шөлкемлер ҳәм илимий мәкемелер арасындағы тығыз бирге ислесиўди тәмийинлеўши бир пүтин система қәлиплестирилип, математика пәни бойынша фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтларының жумысы және илимий кадрлар таярлаў нәтийжелилиги артып бармақта. Жәҳәнниң жетекши илимий орайлары ҳәм университетлери менен халықаралық илимий-техникалық бирге ислесиўлер күн сайын раўажланбақта. Математика пәниниң раўажланыўы болса басқа пәнлер бағдарларының раўажланыўына тәсир етеди. Илим, экономика тармақлары ҳәм өндиристиң интеграциясы беккемленеди. Өндирис тараўларын жоқары тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеў процесиниң нәтийжелилиги артады.
2020-жыл 12-июнь күни Президентимиз Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институтының заманагөй талапларға толық жуўап беретуғын ҳәм барлық қолайлықларға ийе жаңа имаратын барып көрди. Жаңа имаратта 7 илимий лаборатория ҳәм «Жас математиклер» орайы жумыс алып барады. Имараттың ҳәр қыйлы қабатларында мәлимлеме-ресурс орайы ҳәм семинар ханалары, академик ҳәм изертлеўшилер ушын кабинетлер, китапхана, мәжилислер залы, асхана жйласқан. Ханалар ең алдыңғы техника ҳәм үскенелер менен тәмийинленген.
«Бул заманагөй институт барлық илимпазлар ушын ағартыўшылық орайы болыўы керек. Математика көп пәнлерге жол ашады. Оны Студентлер қалашасында қурғанымыз бийкарға емес. Бул институт билимлендириў ҳәм илим арасында избе-изликти тәмийинлеўи, мәмлекетимиздиң раўажланыўына тийкар жаратыўы керек»,-деди Шавкат Мирзиёев сапар даўамында.
Жоқарыда айтылған 7-май күниги «Математика тараўындағы билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарға бола Нөкис, Үргенш, Самарқанд, Бухара ҳәм Наманган қалаларында Математика институтының филиаллары ашылды. Усы арқалы аймақларда да математика пәни ҳәм билимлендириўин жақсылаў ушын жумыс алып барыўшы бөлимлер пайда болды.
Мәмлекетимиз басшысының математика пәниниң ҳәр тәреплеме раўажланыўына жүдә үлкен итибары нәтийжесинде Өзбекстан жаслары келешекте халық мақтанышына айланған ата-бабаларымызға мүнәсип мийрасхор болатуғыны, сөзсиз. Мәмлекетимиздеги математикалық саўатлылықты арттырыўға қаратылған илажлар, жаратылған шараятлар сондай жуўмақ шығарыўымызға тийкар бола алады.
Мухтар ИБРАГИМОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,
Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң ағзасы
Қарақалпақстан хабар агентлиги