Усы жылдың 17-май күни саат 20:00 лерде Мойнақ районындағы «Мойнақ қолтығы» көлиндеги қамыслықларда өрт жүз берип атырғаны бойынша жағдай районлық айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм районлық экология бөлими хызметкерлери тәрепинен ўақыя орнына барып үйренилди.

Ўақыя жүз берген орын өрт өшириў бөлиминен 30 километр қашықлықта болыўына қарамастан өрт-қутқарыў экипажлары саат 20:40 та жетип барып, 21:05 те өртти өширген.

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, өрт ақыбетинде «Мойнақ қолтығы» көлинде 0,5 гектарлық майданда қамыслықлар жанып кеткен.

Ҳәзирги ўақытта өрттиң келип шығыў себеби анықланбақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.