Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте жер майданларының талан-тараж етилиўи менен байланыслы жынаятларды анықлаў бойынша бирнеше жумыслар әмелге асырылмақта.
Бас прокуратура мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, жоқарыда атап өтилген уйымлар тәрепинен өткерилген оператив илажда пуқаралар Р.Д. ҳәм А.А.лар алдын ала жынайы тил бириктирип, арза бериўши А.Н.ниң исенимине кирип, Нөкис қаласы «Жаңа базар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 0,50 гектар жер майданына ийелик етиў ҳуқықы болмаса да, сондай-ақ, усы жер майданын Нөкис қалалық ҳәкимлигинде жоқары лаўазымда ислейтуғын таныслары арқалы рәсмийлестирип бериўин ўәде етип, оның исенимине кирип, келисилген 47 000 АҚШ долларын алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланған.
Усы жағдай бойынша еки пуқараға жынаят иси ашылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.