1977-жылы Халықаралық музейлер кеңесиниң жыйналысында усы сәнени белгилеў бойынша усыныс киргизилген. Солай етип, 1978-жылдан баслап 150 ден аслам мәмлекетте кең түрде белгиленип келинбекте ҳәм мәдений мийрасты, дәстүрлердиң үлгилерин келешек әўладларға жеткериўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи, Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи, Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи, Репрессия қурбанлары естелиги музейи, сондай-ақ, районларда шөлкемлестирилген музейлер ҳәм бирнеше үй музейлери жумыс алып бармақта.
Итибарлысы, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи Өзбекстандағы ең көп тамаша етиўшилер келетуғын музейлердиң «ТОП-5»лигине кирген. Мағлыўматларға қарағанда, музейге 50 мыңға шамалас адамлар экспонатларды тамашалаўға келген. «Саҳрадағы Лувр» атанған бул музей Қарақалпақстанның туристлик визит картасы болып есапланады.
18-май – Халықаралық музейлер күни мүнәсибети менен елимиздеги барлық музейлер бийпул хызмет көрсетип, байрам бағдарламалары ҳәм жаңа көргизбелер ашылыўы белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.