Президентимиздиң 2022-2023-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққындағы қарарының жойбары ислеп шығылып,  regulation.gov.uz порталына кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.

Бул ҳүжжетте көрсетилиўинше, жаңа оқыў жылынан абитуриентлерге пәнлер избе-излиги бирдей болған бес бағдарға бир ўақыттың өзинде ҳәм күндизги, ҳәм сыртқы оқыў түрлерин таңлаў имканияты жаратылады.

Сондай-ақ, жоқары оқыў орнының имканиятларынан келип шығып билимлендириўдиң аралықтан оқыў түри енгизиледи.

Абитуриентлерди онлайн дизимнен өткериў 15-июньнен 15-июльге шекемги (15-июль күни де) мүддетте Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты арқалы әмелге асырылады.

Бунда шет тили пәнинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткерилетуғын билимлендириў бағдарларына онлайн дизимнен өтиў 15-июньнен 5-июльге шекем (5-июль күни де) әмелге асырылады.

Бул қарардың жойбары 1-июльге шекем жайластырылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги