17-май күни пайтахтымыздағы Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбелер сарайында белгили художник Базарбай Серекеевтиң дөретпелеринен ибарат 80 жыллық юбилейине бағышланып оның шаңарақ ағзалары тәрепинен усынылған жеке көргизбеси шөлкемлестирилди. Ол «Гедо» (Hedo) деп аталды.
Б.Серекеев 1969-жылы Нөкис қалалық көркем өндирислик кәрханаларының художниги болып мийнет жолын баслаў менен бир қатарда, 1971-жылдан баслап Нөкис, Ташкент, Москва, Алма-ата, Қызыл Орда, Уфа, Махачкала көргизбелери қатнасыўшысы, 1977-жылдан баслап Өзбекстан Художниклер Аўқамы ағзасы.
Көргизбеге Өзбекстан көркем өнер академиясы академиги, Қарақалпақстан халық художниги С.Байбосынов, көркем өнертаныўшы А.Реймов, Савицкий атындағы қарақалпақ көркем өнер музейи директоры Т. Константинович, Қарақалпақстан Республикасы мәденияты ҳәм тарыйҳы музейи директоры А.Юсупова ҳәм басқалар қатнасып, гедонист художник ҳаққында өзиниң баҳалы пикирлерин билдирди.
Оның дөреткен шығармалары республикамыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде, Қарақалпақ мәмлекетлик тарыйхы ҳәм мәденияты музейинде, Даңқ ҳәм басқа да музейлерде ҳәр қыйлы жанрдағы бир неше жүзлеген жумыслары сақланып атыр.
Б.Серекеев өз дөретпелеринде тарийхыйлық, әпсаналық, романтикалық, философиялық-тымсаллық жағдайларды да реңлик үйлесимликте көрсете алған. Художниктиң терең ой-өриси оның инсанияттан, турмыстан, белгили бир ҳәдийседен, тәбияттан алған тәсирлери нәтийжесинде тәсирли көринисте пайда болады ҳәм композициялық шешимлерде сәўлеленеди.
«Гедо» – грекше (Hedo) – заўық алыў, рәҳәтлениў, турмыстан мәни табыў дегенди аңлатады. «Әкем де сондай өмирден заўықланып жасайтуғын адам еди, сол ушын да бүгинги көргизбениң атын Гедо деп қойыўды мақул таптық», – дейди ата жолын куўған перзент Бахтияр Серекеев.
Б.Серекеевтиң салған сүўретлери инсан қәлбинде муҳаббат, гөззаллық сезимлерин оятады. Илажға келген мийманлар, художниклер, мектеп оқыўшылары көргизбелерди қунт пенен тамашалады ҳәм оннан заўық алды.
Шахноза-Бану Абдуллаева,
ⱩМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 1-курс студенти
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги