Соңғы ўақытлары қурылыс тараўы жедел раўажланып баратырған, экономикамыздың әҳмийетли тармағы есапланады. 2022-жылдың январь-март айларында жәми 968,3 млрд. сумлық қурылыс жумыслары орынланып, өсим пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 101,0 процентти қурады.
– Жәми қурылыс жумыслары көлеминиң қурамында ири қурылыс кәрханалары тәрепинен исленген қурылыс жумысларының көлеми 83,2 млрд. сумды қурап, өсим пәти 63,9 процентти қурады,-дейди Статистика басқармасы Инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлими баслығының орынбасары Дилафруз Абдуллаева. – Жәми қурылыс жумысларының көлеминдеги үлеси өткен жылдың усы дәўириндеги көрсеткиш дәрежесинен 4,8 процент пунктке азайып, 8,6 процентти қурады.
Киши кәрхана ҳәм микрофирмалар тәрепинен исленген қурылыс жумысларының үлеси 70,6 процентти қурады. Бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 0,8 процент пунктке көбейди. Сондай-ақ, олардың есабына туўра келген қурылыс жумысларының көлеми 683,6 млрд. сум муғдарында болып, өсим пәти 100,8 процентке көбейди.
Рәсмий болмаған секторлардың есабына туўра келген көлем, жәми қурылыс жумысларының 20,8 процентин қурап, 201,5 млрд. сум болды, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсим пәти 131,9 процентке ерисилди.
Қурылыс жумысларының ең жоқары көлем көрсеткиши үлесине
Нөкис қаласы (30,5 процент), Қоңырат (10,0 процент), Төрткүл (7,8 процент) районларына туўра келди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги