3-4-май күнлери футбол бойынша Европа чемпионлар лигасында ярым финал ойынлары болып өтти.

Бул ойынларда Англияныӊ жетекши еки клубы Испания командаларына қарсы финал жолламасы ушын гүрес алып барды.

«Вильярреал» майданында болып өткен дәслепки ушырасыўда Унаи Эмери шәкиртлери «Ливерпуль» футболшылары менен ушырасып, 2-3 есабында жеӊилиске ушырады. Ойынныӊ 1-таймы испаниялы футболшылардыӊ үстинлигинде болып өтти ҳәм 2-0 болды. Бирақ, ушырасыўдыӊ 2-таймында Юрген Клопп шәкиртлери ойынға өзгерис киргизип, 62-67-74-минутларда үш гол урыўға еристи ҳәм финал жолламасын қолға киргизди.

Ал, Мадридте болып өткен екинши ойында болса, «Реал» — «Манчестер Сити»ди өз майданында қабыл етти.

Ушырасыўдыӊ 1-таймында ойындағы есап ашылмады. 73-минутында Риёд Маҳрез «реал» дәрўазасына гол урып «Манчестер Сити»ди есапта алдынға алып шыққан болса, Карло Анчелотти шәкиртлери 90-91-95-минутларда 3 гол урып өз командасын финалға алып шықты.

Солай етип 28- май күни Реал Парижде Ливерпул футболшылары менен финалда ушырасатуғын болды.

 

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы