Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 26-апрельдеги тийисли бийлиги менен усы жылдың 30-апрель күни «Мәҳәлле абаданлығы – журт пәраўанлығы» сүрени астында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў улыўма халықлық шембилиги өткерилди.
Қурбан ҳайыты байрамын мүнәсип белгилеўге таярлық көриў, қала ҳәм аўылларымызда халықтың жасаў орынларын абаданластырыў ҳәм барлық аймақларда санитариялық жағдайды жақсылаў нийетинде өткерилген бул улыўма халықлық илажға барлық мийнет жәмәәтлеринен, мәҳәллелерден жәми 397 мыңнан аслам адам қатнасты. Соның 239 мыңнан асламын жаслар қурайды.
Таң азаннан барлық мәҳәллелер аймағы, көшелер, шөлкем, кәрхана ҳәм мәкемелер, көп қабатлы жайлардың әтирапларында абаданластырыў, көклемзарластырыў жумыслары көтериңкилик руўхта шөлкемлескенлик пенен басланып, мәҳәллелердеги қойымшылықлар тәртипке келтирилип, бос турған жерлерге мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери отырғызылды.
Шембилик қатнасыўшылары тәрепинен 596 гектардан аслам жер абаданластырылып, 486 тоннадан аслам қурылыс ҳәм турмыслық шығындылар шығарып тасланды. Жәми 243 километрлик жап-салмалар тазаланып, 306 қойымшылық, 8 зыярат орны абаданластырылды. Қатнасыўшылар тәрепинен 29919 түп саяманлы, 21758 түп мийўели терек нәллери, 47597 мыңнан аслам гүллер егилди. Бул жумысларға 170 тен аслам техника қатнасты.
Сондай-ақ, шембилик даўамында халықтың социаллық жақтан қорғаўға мүтәж қатламларына бийминнет жәрдем көрсетиў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылды. Ҳәр қыйлы аймақлардағы 110 хожалықтың турақ жайы оңланды. Өткерилген илажлар ушын 23 миллион 555 мың сум, соннан, «Сақаўат ҳәм жәрдем» қайырқомлық фонды есабынан 16 миллион 381 мың сумнан аслам қаржы жумсалды. Жәми 341 материаллық жәрдем көрсетилетуғын жәрдемге мүтәж шаңараққа, 86 майыплығы бар шахслар менен жалғыз баслы кекселерге 84 миллион 904 мың сумлық жәрдем көрсетилди. Соннан, «Сақаўат ҳәм жәрдем» қайырқомлық фонды есабынан 37 миллион 322 мың сумлық жәрдем көрсетилди.
Бул илажларда мәҳәллелердеги пуқаралар, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жумысшы хызметкерлери, жаслар шөлкемлескенлик пенен қатнасып, аўызбиршиликтиң жоқары үлгисин көрсетти.
Д.Абибуллаев,
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшылары