Усы жыл 25-апрель  күни Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң эстрада ҳәм академиялық вокал, эстрада атқарыўшылығы, хор ҳәм театр өнери бөлимлериниң 2021-2022-жыл ислеген жумысларының есап бериў концерти болып өтти.

Концертти мектеп директоры А.Ережепов кирис сөз пенен ашып, оқыўшылардың концертке келген ата-аналарына, туўған-туўысқанларына бөлимниң жетискенликлери ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Концерт даўамында оқыўшылар мәўсим даўамында устазларынан нелерди үйренгенин көрсетиўге ҳәрекет етип, өзлерине берилген тапсырмаларды анық орынлап атқарыўға ҳәрекет етти.

  • Республикамызда өткерилип атырған таңлаўларға, байрам кешелерине бөлим оқыўшылары белсене қатнасып келмекте,-дейди А.Ережепов. – Усы жыл 23-апрель күни балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери арасында өткерилген ансамбльлер арасындағы таңлаўдың республикалық басқышында эстрада вокал ҳәм сазенде ансамбли биринши орын менен сыйлықланып, кейинги басқышқа жоллама алды. Ал, киши хор жәмәәти екинши орынды ийеледи.

Концерт даўамында усы таңлаўларда жеңимпаз болған оқыўшылар, республикалық көлемде өткерилип атырған кешелерде ҳәм байрамларда, концерт бағдарламаларында өзлериниң өнерин көрсетип, белсене қатнасқан бир қатар оқыўшылар  Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Оқыўшылар тәрепинен таярланған театрластырылған концерт бағдарламасы үлкен қызығыўшылық пенен тамашаланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги