Бүгин түнде дүньяныӊ миллионлаған футбол жанкүйерлериниӊ дыққат-итибары Англияныӊ Манчестер қаласындағы «Этихад» стадионына қаратылды.
Себеби, бул стадионда футбол бойынша Европа чемпионлар лигасында жеӊимпазлыққа тийкарғы даўагер «Манчестер Сити» ҳәм Мадридтиӊ «Реал» клублары арасында ярым финал ойыны болып өтти.
Оғада қызықлы болып өткен ушырасыўдыӊ 2-минутында-ақ, англиялы футболшылар есапты ашыўға еристи. Онда Кевин де Брюйне басы менен гол урған болса, 11-минутта Габриэль Жезус арадағы есапты 2-0 ге жеткерди.
Буннан соӊ «Реал» футболшылары ойында өз үстинликлерин көрсете баслады ҳәм 33-минутта Кәрим Бензема гол урып арадағы есапты қысқартыўға еристи.
Екинши таймныӊ 53-минутында Фил Фоден «Манчестер Сити» диӊ үшинши голын урған болса, 55-минутта Винисиус Жуниор англиялы қорғаўшыларды шаққанлық пенен артта қалдырып есапты және де кескин түске алып келди.
74-минутта Бернарду Сильва Тибо Куртуа дәрўазасын анық нышанға алып майдан ийелерин қуўанышға бөлеген болса, 82-минутта Кәрим Бензема 11 метрлик жәрийма тобын шеберлик пенен атқарып өз командасыныӊ келеси жуўап ушырасыўындағы имканиятын жоқарылатып қойды. Есап— 4:3 ҳәзирше «Манчестер Сити» пайдасына.
Бул командалар арасындағы жуўап ойыны 4-май күни Мадридте болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы