Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги O’zLiDeP депутатлық топарының басшысы Асылбек Арзиев өзи сайланған «Темир жол гүзары» мәкан пуқаралар жыйынындағы сайлаўшылары менен ушырасқанда, бир қатар машқалалар көтерилген еди.
Атап айтқанда, мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Т.Жалекеев, Ж.Жуманиязов көшелеринде жасаўшы халықтың қыйтақ жерлерин суўғаратуғын салманың трубасы пителип қалған. Сонлықтанда, Т.Жалекеев көшесинде жасаўшы 70, Ж.Жуманиязов көшесинде жасаўшы 15 шаңарақты ҳәм 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин суў менен тәмийинлеўши «Жадик жап» салмасының 4н19в автомобиль жолының 0,7 километринде үстинен өтип турған трубаның жарамсыз жағдайға келип қалғанлығы себепли, оны алмастырыўда әмелий жәрдем сораған.
Мүрәжат бойынша депутат тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте машқаланы үйренип шықты. Депутатлық ўәкиллиги шеңберинде Шымбай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасына депутатлық сораў жиберди.
Нәтийжеде унитар кәрхананың қәнигелери менен биргеликте үйрениў жумыслары алып барылды ҳәм тозыўы жеткен трубалар тазасына алмастырылды. Солай етип, депутаттың жәрдеми менен машқала унамлы шешимин тапты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги