Усы жыл 13-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде өткерилген мәжилисте, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январь күнги «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, эспертлер ҳәм мәҳәлле белсендилеринен ибарат Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топар шөлкемлестирилген еди.
Усы жәмийетлик топардың баслығы ҳәм ағзаларының «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясы» ҳәм оның «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын үйрениўге қаратылған дәслепки мониторинг жумыслары өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги системасында әмелге асырылған жумыслар үйренилип, бағдарлама шеңберинде реконструкциялаў жумыслары алып барылып атырған объектлер көзден өткерилди.
- Биз «Анасай» магистраль каналының реконструкциялаў жумысларын барып көрдик,-дейди Қарақалпақстан Республикасында Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик топарының баслығы Т.Романов. – Мағлыўмат бойынша, «Анасай» каналы «Қарақалпақстан суў қурылыс инвест»тиң буйыртпасы тийкарында бас жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем – «Бунёдкор мерос» ЖШЖ тәрепинен реконструкцияланбақта.
Быйыл каналдың 1,6 километрлик жеринде реконструкциялаў жумысларын алып барыў ушын 3000,0 млн. сум қаржы ажыратылып, 1-апрель ҳалатына усы реже толық орынланған. Жуўапкерлер кейинги мәўсимниң лимити есабынан жумысларын даўам еттириў усынысын билдирди. Биз жуўмаққа бул усынысты киргиземиз, әлбетте. Себеби, жәмийетлик топар тек ғана орынланған жумысларды мониторинг етип шекленип қалмай, аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыўда өткерилетуғын додалаўларда қатнасып, пикир-усыныслар береди.
Жәмийетлик топар ағзалары «Дослық» каналын реконструкциялаў жумыслары менен де танысты. Бул каналда 2022-жылда 0,5 километрлик бөлегинде бетонлаў жумыслары әмелге асырылыўы нәзерде тутылған болып, 1-апрель ҳалатына 0,2 километрлик бөлегинде бетонлаў жумыслары орынланған. Ҳәзирги күнде каналда суў болғанлығы себепли реконструкциялаў жумыслары ўақтынша тоқтатылған.
Әлбетте, елимизде енгизилген бундай жәмийетлик қадағалаў мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеўде мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм министрликлерге жәрдемши болады. Соның менен бирге, бул нәрсе айырым нызамсыз жағдайлардың жүз бериўиниң алдын алыўға да хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги