Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикаси Кеңеси тәрепинен ZOOM бағдарламасы арқалы оқыў-семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға Нөкис қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, партияның қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң атқарыўшы хаткерлери қатнасты.

Семинарда ӨзМТДП Орайлық Кеңеси Оқыў-методикалық изертлеў орайының Қарақалпақстан Республикасы бойынша аймақлық тренерлери З.Тажихожаева, Г.Джумагуловалар тәрепинен партия шөлкемлериниң жумысларына заманагөй технологияларды қолланыў ҳәм басланғыш партия шөлкемлериниң үгит-нәсият жумысларының нәтийжелигин арттырыў бойынша мағлыўматлар берилди.

  • Оқыў-семинарында, «Миллий тиклениўден-миллий раўажланыўға қарай!» сүренине тийкарланып, «Инсанды өзгертиў арқалы жәмийетти өзгертиў» идеясы менен Жаңа Өзбекстанды жаратыў жолындағы реформаларда белсене қатнасыўымыз, миллий, мәдений қәдириятларды сақлаған ҳалда ҳәзирги заманның раўажланып баратырған технологияларынан партия шөлкемлеринде утымлы пайланыўымыз, усындай илажларға жергиликли депутаталар менен белсенди пуқараларды кеңнен қамтып алыў, усынысларын алыў бойынша мәселелер додаланды,-дейди З.Тажихожаева. – Усынысларды алып додалаўлар өткериў, қабыл етилген нызамлардың орынланыўын, олар бойынша социаллық-экономикалық, сиясий, ҳуқықый жақтан социологиялық сораўнамалар өткериўди жолға қойыў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, партиядан сайланған барлық дәрежедеги депутатлардың биргеликте, үзликсиз жумыс алып барыўын жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди. Шынында да, өткерилип атырған ушырасыўлар, илажларда пуқаралардың талап ҳәм усынысларын үйренип барып, соннан келип шыққан ҳалда илажларды шөлкемлестириўимиз керек.

Сондай-ақ, илажда партияның 2020-2024-жылларға мөлшерленген Сайлаўалды бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде төменги партия шөлкемлериниң жумысларына заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм басланғыш партия шөлкемлериниң үгит-нәсият илажларының нәтийжелигин арттырыўдағы машқалалар менен оның шешими бойынша мәселелер де додаланды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги