Президенттиң 2022-жыл 1-марттағы ПҚ-147-санлы қарарына тийкарланып, 2022-жыл 1-майдан баслап мәкан пуқаралар жыйыны баслықларының айлық мийнет ҳақысының муғдары ол бириктирилген мәҳәлледеги шаңарақлардың санына қарап белгиленеди:
– шаңарақлардың саны 500 ге шекемги мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 4 есеси (3 млн 288 мың сум) муғдарында;
– шанарақлардың саны 501 ден 1000 ға шекемги мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 4,5 есеси (3 млн 699 мың сум) муғдарында;
– шаңарақлардың саны 1000 нан аслам мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 5 есеси (4 млн 110 мың сум) муғдарында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги