«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен кем тәмийинленген шаңарақларға мүбәрек Рамазан айында жәрдем көрсетилмекте.
-Байрам мүнәсибети менен қыйналып атырған наўқасларға дәри-дәрмақтан жәрдем көрсетилди,-дейди «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Шымбай районлық бөлимшесиниң баслығы Азат Аспетуллаев.-Атап айтқанда, «Оржап» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Тоқтагүл Генжееваға дәри-дармақ алыў ушын 1 миллион 800 мың, Бердақ мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Марат Нурмаганбетовқа 4 миллион сум, «Тағжап» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Ҳәммегүл Сапарбаеваға 2 миллион, «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Дамир Дәўжановқа 2 миллион сум жәрдем берилди.
Бундай қайырқомлық илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги