«Нөкис-Аэропорт» шегара бажыхана постында Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен Нөкис қаласындағы 31-санлы шет тиллерди оқытыўға қәнигелестирилген мектептиң оқыўшылары ушын «Ашық есиклер күни» шөлкемлестирилди.

Оқыўшылар бул жерде қадағалаў зонасы, бажыхана қадағалаўын әмелге асырыў бойынша енгизилген «қызыл», «жасыл» коридорлар, оның әҳмийети, қадағалаў техникалық қураллары, профайлинг системасы ҳәм хызмет ийтлерин аэропортта пайдаланыўдың әҳмийети бойынша әмелий көнликпелерге ийе болды.

Атап өтилгениндей, усы пост арқалы жыл басынан берли қоңсы Қазақстан Республикасының Ақтаў, Ақтөбе, Атыраў қалалары, Россия Федерациясының Москва қалаларына әмелге асырылған жәми 182 рейсте 23 мыңнан аслам пуқара бажыхана қадағалаўынан өткерилген.

Илаж даўамында оқыўшыларға бажыхана қадағалаўынан өтиў тәртип-қағыйдалары әмелий түрде көрсетилип, түсиниклер берилди. Сондай-ақ, оқыўшылардың әмелий оқыў процесинде профайлинг бағдарындағы алған көнликпелерин беккемлеў мақсетинде ойын өткерилди. Оған оқыўшылар қызығыўшылық пенен белсене қатнасып, оқыўшылардың усы тараўдың кең көлемли жумысларын аңлап жетиўине ҳәрекет етилди.

Оқыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги