Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында физика-математика илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының академиги, сенатор, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы В.И. Романовский атындағы Математика институтының директоры, Өзбекстан Қаҳарманы Шавкат Аюпов пенен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды университет ректоры А. Реймов кирис сөз бенен ашып, академиктиң өмир ҳәм мийнет жолына кең түрде тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен елимизде илимди, соның ишинде, математиканы раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Себеби, үшинши Ренессанс тырнағын жаратыўда талантлы қәнигелер, зийрек жаслар, пидайы инсанлар зәрүр. Жәмийетимиздиң раўажланыўында барлық пәнлер қатарында математиканың да тутқан орны гиреўли. Усыны есапқап алған ҳалда академик Ш.Аюповқа Өзбекстан Қаҳарманы жоқары атағының берилиўи барлық илимпазлардың мийнетине берилген ылайықлы баҳа болды.

Буннан кейин университет нуранийлар Кеңесиниң баслығы,профессор Б.Абдикамалов, профессорлар Қ.Исмаилов ҳәм К.Қудайбергеновлар шығып сөйлеп, акдемиктиң елимиз, соның ишинде, республикамызда математика илимин раўажландырыўға қосып атырған үлесине тоқтап өтти.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Б.НУРЖАНОВ,

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы В.И. Романовский атындағы Математика институты Қарақалпақстан бөлиминиң үлкен илимий хызметкери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги