Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы департаменттиң Шымбай районы  бөлими ҳәм районлық Ишки ислер бөлими менен биргеликте өткерилген оператив илаж  даўамында пахта майын ислеп шығаратуғын жасырын цех анықланды.

Атап айтқанда, районда жасаўшы А. исмли пуқара өз үйинде нызамсыз жасырын цех ашып, жасалма майжуўаз үскенесинде пахта шигитинен май ислеп шығарып атырған ўақытта иркилди. Оның цехы көзден өткерилгенде, улыўма баҳасы 21,3 миллион сумлық 400 килограмм пахта шигити, 1 дана майжуўаз үскенеси, 230 килограмм пахта майы ҳәм басқада затлар айғақлы зат ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша департаменттиң Шымбай районы  бөлими тәрепинен  Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги