Қарақалпақстан радиосына–90 жыл
1941-жылдыӊ 26-июнинен баслап, дәслеп «Информбюроныӊ билдириўи», оннан соӊғы күнлери «Информбюродан» деген рубрикаларда Қарақалпақстан радиосы арқалы фронт хабарлары үзликсиз берилип барылды.
Қарақалпақ ҳәм рус тиллеринде берилетуғын бул информациялар «соӊғы хабарлардыӊ» басым көпшилигин қурайтуғын еди. Информбюро хабарларын тылдағы адамлар үлкен шыдамсызлық пенен күтти. Өйткени, ол жыллары транспорттыӊ қыйыншылығынан орайлық газеталар түўе, республикалық газеталардыӊ өзи район орайларына газета шыққаннан кейин екинши ямаса үшинши күни ғана жететуғын еди. Сонлықтан да, районлары менен аўыллары республика орайынан 100-150, ҳәтте 200 километрден аслам узақлықта жайласқан Қарақалпақстан жағдайында радионыӊ оператив информация қуралы ретиндеги әҳмийети оғада үлкен болды. Бирақ радиоточкалардыӊ саны аз еди. Өз тарийхын 1932-жылдан баслаған Қарақалпақстан радиосы урыстан алдынғы жыллары раўажланыў жолына түсти. Барлық район орайларында радиоузеллер орнатылды, қалаларға жақын айырым МТС ҳәм колхоз аўыллары радиоласты. Урыс басланған жылы барлығы болып төрт мыӊға жақын радиточка, жүзлеген радиоқабыллағышлар болды.
Ушырасқан қыйыншылықларға қарамастан областьлық партия комитети менен республика ҳүкимети радиомыздыӊ бизиӊ жағдайымыздағы әҳмийетин түсине отырып, оларды саз ислеўге, қосымша радиоточкалар орнатыўға тийисли илажлар көрди. Нәтийжеде 1943-жылдыӊ 1-июнине Қарақалпақстанда 22 радиоузель, 4248 радиоточка ислеп турды. Булардыӊ басым көпшилиги қала ҳәм район орайларында еди. Ал узақта жайласқан МТС ҳәм колхозлардыӊ кеӊселеринде ғана радиоточкалар болды. Бир қатар узақ жайласқан колхозларда радио ушын телефон линиялары пайдаланылды. Бундай жағдайларда районлық байланыс бөлими менен алдын ала келисим бойынша телефон линиясы арқалы белгили саатларда радио хабарлары берилсе, басқа ўақытлары телефон линиясы ретинде пайдаланылды. Бирақ, қәнигели монтерлар аз болғанлықтан узақ аўыл ҳәм елатлы пунктлерге тартылған сымлар тез-тез үзилип қалды. Оларды жалғаў ҳәм байланысты қайта тиклеў ушын райондағы санаўлы қәнигелер келетуғын еди.
Қала ҳәм районлардағы базар майданларында, клуб ҳәм мәденият үйлеринде радиокәрнайлар үзликсиз ислеп турды. Фронт хабарларын еситиў ушын узақтағы аўыллардан келген адамлар көшелерде радиокәрнайлар қасында саатлап турып, Информбюро хабарларын тыӊлап, қуўанышлы хабарларды аўылласларына жеткериўге асығатуғын еди.
Информбюроныӊ хабарлары берилип атырған ўақытлары, бизиӊ әскерлеримиздиӊ топылысы сәтли болған урыстыӊ екинши ҳәм үшинши жылларында,-деп еске түсиреди ветеранлар-радиокәрнайлар алдында адамлар көп жыйналып, көшелерге сыймай кететуғын еди. Небир кемпир-ғаррылардыӊ «анаў қала жаўдан босатылды, фашистлер қуўылды» дегенде, қуўанғанынан ийеклери кемсеӊлеп, «жеӊис берегөр, перзентимди сақлайгөр»-деп жылап турғанын талай көрдик.
Баспасөз материаллары тийкарында ықшамлап таярлаған:
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.