Республикамызда «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»на бағышланған халықаралық дәстүрий Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер фестивалы ҳәптелиги жуўмақланды.

Илаж даўамында Өзбекстан көркем өнер дөретиўшилери аўқамының ағзалары менен ушырасыўлар, жас художниклер дөреткен шығармалардың көргизбеси, белгили көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасында шеберлик сабақлары ҳәи басқада бир қатар қызықлы илажлар өткерилди.

Атап айтқанда, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студентлериниң Шымбай районындағы Өзбекстан көркем өнер дөретиўшилери аўқамының ағзасы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Д.Тәжимуратовтың дөретиўшилик устаханасына саяхаты шөлкемлестирилди. Белгили художник тәрепинен студент жасларға шеберлик сабағы өтилди.

Фестиваль ҳәптелиги даўамында Ташкент қаласындағы Өзбекстан сүўретлеў өнери галареясында И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте «Мениң ана диярым-мениң Қарақалпақстаным» атамасында көргизбе шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернаты, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының көргизбелери, белгили художниклердиң шеберлик сабақлары, Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбелер сарайында «Реңлер жилўасындағы ана дияр» атамасындағы көргизбеси болып өтти.

Фестиваль жуўмағында белсене қатнасқанлар мүнәсип сыйлықланды. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатының оқыўшысы Пазылбек Шарапов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Ҳүрлиман Наўрызбаева, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының магистранты Садық Есебаев Өзбекстан көркем өнер академиясының алтын, Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатының оқыўшысы Нафиса Қутлыбекова, Нөкис қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Феруза Жуманиязова,  Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Бийбиназ Узақбаева гүмис, Елликқала райоынындағы 18-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Алишер Юлдашев, Нөкис қаласындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Меҳрибан Муратбаева, Әмиўдәрья райоынындағы 21-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы  Севара Янгибаева қола медальлары менен сыйлықланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери