Нөкис районы Мәлимлеме-китапхана орайы республикамыздағы ең көп китап фондына ийе китапханалардың бири болып табылады. Бүгинги күни бул орайда 62 мыңнан аслам қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм қазақ тиллериндеги ҳәр қыйлы мазмундағы көркем-әдебий китаплар сақланып, район аймағында жасаӯшы китап оқыӯшыларына бийминнет хызмет көрсетип келмекте.
Китапхана-орайына 37 жылдан берли «Мәлимлеме-китапхана ағласы» көкирек белгиси ийеси Лиза Нурымбетова басшылық етип келмекте.
Орайдың бүгинги күни район аймағында 15 көшпели китапханасы болып, олар тәрепинен алыс аӯылларда жасаӯшы китап оқыӯшыларына жаңа китаплар апарылып, олардың руӯхый дүньясының байыӯына өзлериниң салмақлы үлеслерин қоспақта.
22-апрель күни китапхана-орайында «Китап сүйер миллет» сүрени астында өткерилип атырған ҳәптелик шеңберинде имканияты шекленген инсанлар ушын «Меҳир-мүриӯбет инсан зийнети» атамасында әдебий-саз-сәӯбетли кеше өткерилди.
Оған район аймағында жасаӯшы китап оқыӯға қызығыӯшы имканияты шекленген инсанлар қатнасты.
Кешени орай директоры Л.Нурымбетова кирис сөз бенен ашып, соңғы ӯақытлары елимизде китапқумарлықты раӯажландырыӯ бойынша алып барылып атырған илажлар ҳәм оларға жаратылған кең имканиятлар жөнинде айтып берди.
Буннан соң илажда Республика руӯхыйлық-ағартыӯшылық орайы Нөкис районлық бөлими бас қәнигеси С.Ходжахметов шығып сөйлеп, кешени шөлкемлестирген китапхана жәмәәтине район ҳәкимлиги тәрепинен миннетдаршылық билдирип, китапханаға бир неше атамадаға жаңа китаплар саӯға етти ҳәм тараӯ белсендилерин Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықлады. Сондай-ақ, кешеде сүӯрет салыӯ, қосық ҳәм ертек айтыӯға қызығыӯшы китапхана оқыӯшыларының көргизбелери көрсетилип, қосықлары атқарылды.
-Мен кишкенелигимнен әдебий китаплар оқыӯға қызығаман-дейди кеше қатнасыӯшыларының бири, кердерли 7-класс оқыӯшысы Зинатдин Меңлимуратов.-Бүгин менен халқымыздың сүйикли шайыры Ибрайым Юсуповтың қосықларынан үзиндилер айтып бердим ҳәм китапхананың Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саӯғалары менен сыйлықландым. Бундай илажды шөлкемлестиргенлерге шексиз миннетдармыз.
Кешеде китап оқыӯға белсене қатнасқан бир қатар китап оқыӯшыларына Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саӯғалар тапсырылды. Илаж соңында Нөкис районы Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен жыйналғанларға концерт бағдарламасы қойып берилди.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы