Беларусь Республикасының Бас министри Роман Головченко 24-апрель күни Өзбекстан Республикасына келди.
Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.
Сапардың бағдарламасында еки мәмлекет ҳүкиметлери басшыларының қатнасыўында сөйлесиўлер ҳәм басқа да илажлар өткериў нәзерде тутылған.
Илажлар шеңберинде Бас министрлер Ташкенттеги Жеңис паркине барды. Президентимиздиң басламасы салынған бул ири қурылыс тарийхы ҳаққында мийманға ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.
Буннан соң Беларусь ҳүкимети басшысы «Матонат мадҳияси» комплексине гүл қойып, парктиң орайында жайласқан «Шон-шараф» музейинде де болды. Мийман музей экспонатлары менен жақыннан танысты.
Беларусь бас министри Жеңис парки ҳәм «Шон-шараф» музейи бойлап саяхатын жоқары баҳалап, бул объектлер онда үлкен тәсир қалдырғанын айтты.
Роман Головченконың Өзбекстанға сапары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги