Қаршы қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында халық депутатлары Қашқадәрья ўәлаятлық кеңесиниң гезексиз сессиясында касанлы белсендилер Өзбекстан халық шайыры Абдулла Арипов атындағы республикалық таңлаў шөлкемлестириўди усыныс етти.

Президент бул усынысты қоллап-қуўатлайтуғынын, бирақ бул таңлаўды ўәлаятта өткерип, кейин пүткил республика бойынша өрнек болыў зәрүрлигин айтты.

– Бәринен бурын бул усыныс маған мақул. Бирақ мениң де бир усынысым бар. Киношыларымыз Абдулла Ариповтың өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы өз алдына бир фильм жаратсын. Абдулла Арипов ҳаққында кино дөретсек арзымайды ма? Ол инсан менен көп сәўбетлес болғанман.Бир қосық жазыў ушын он китап оқыйтуғын еди, – деди Президент. – Редакцияларға қосығын берип, он мәртелеп өзгертип, кәмине келтиретуғын еди. Ол инсанның жумысқа, сөзге жуўапкершилиги күшли болған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги