Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен сөйлесиў мақсетинде 21-22-апрель күнлери Қашқадәрья ўәлаятында болды.

Қаршы қаласында 22-апрель күни халық депутатлары Қашқадәрья ўәлаятылық Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Сессияда Президент Шавкат Мирзиёев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында жыйналғанларды Муқаддес Рамазан айы мүнәсибети менен қутлықлады. Қашқадәрья ўәлаяты мәмлекетимиздиң раўажланыўында жетекши орын ийелейтуғынын атап өтти.

– Өткен жылы 11-октябрьде болған сайлаўалды ушырасыўда, сизлер менен бирге Қашқадәрьяны келеси бес жылда раўажландырыў ҳәм халықтың турмысын жақсылаў бойынша үлкен мақсетлерди қойған едик, – деди Президент. Кеше Қашқадәрьяны таң азаннан кешке шекем айланып, адамлардың көзине қарап, усы режелеримизге адамлар исенип атыр ма, өзгерислерди сезип атыр ма, деп итибар бердим. Буларды ким ислейдиЎ Басшы ислейди – пидайы, халықты сүйетуғын, елди бирлестиретуғын басшы. Егер пидайы ҳәким келсе, адамлар дәрриў сезеди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги қәўетерли заманда ишки имканиятларға сүйениў ҳәм оларды нәтийжели иске қосыў зәрүр екенин атап өтти.

– Қай жерге уқыплы басшы қойылған болса, нәтийже болып атыр. Қашқадәрьяға, 3 ярым миллионнан көп халқы болған елге басшы болыў аңсат емес. Бундай басшы табыў да аңсат емес. Қашқадәрьяның жери бай, топырағы өнимдарлы, адамлары мийнеткеш. Тек ғана оларды бирлестирип, ийинлес болып, ҳадал ислеў керек. Ҳәкимди ҳәким ететуғын, оның жумысын көрсететуғын усы халық. Жергиликли депутатлар, нуранийлар, улыўма етип айтқанда, адамлар бийпәрўа болмаса, Қашқадәрьяның қәдемлери жеделлеседи, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сессияда шөлкемлестириў мәселе көрилди. Мәмлекетимиз басшысы 2021-жыл ноябрь айынан берли Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң ўазыйпасын атқарып киятырған Азимов Муротжон Бердиалиевичтиң кандидатурасын ҳәким лаўазымына усыныс етти.

М.Азимов 1976-жылы Қашқадәрья ўәлаяты Китаб районында туўылған. Бухара ўәлаятының прокуроры, Бас прокурор орынбасары ҳәм биринши орынбасары, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы ўазыйпаларында жумыс ислеген.

Халық депутатлары, мийнет ветеранлары, ҳаял-қызлар, жаслар шығып сөйлеп, талабанды қоллап-қуўатлады. Даўысқа қойыў нәтийжелерине бола, Муротжон Азимов Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.

Сессияда ўәлаятты комплексли раўажландырыў бойынша тийкарғы бағдарлар ҳәм ўазыйпалар додаланды.

Кейинги жылларда ўәлаятта үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен жылы 25-декабрьде Ғузор районында синтетикалық жанар май ислеп шығаратуғын «Uzbekistan GTL» заводы иске қосылды. Шортан газ-химия комплексин кеңейтиў жойбарының қурылысы басланды.

Мәмлекетлик бағдарламаларға бола, усы жылы Қашқадәрьяға 1,5 триллион сумнан аслам қаржылар ажыратылып, 2 мың 800 километр инженерлик-коммуникация тармақлары, 160 социаллық тараў объектлерин жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта.

Президент сессиядағы шығып сөйлеген сөзинде, буннан кейинги ўазыйпаларға, шешимин күтип атырған машқалаларға көбирек тоқтады.

Мысал ушын, ўәлаят халқының дерлик 43 проценти орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленген. Әсиресе, Косон, Дийқанабад, Ғузар, Қамаши районларында суў тәмийнаты оғада төмен. Газ, электр, ишки жоллар, транспорт, аўыл хожалығы, банк-кредит тараўларында да машқалалар бар.

Ўәлаятта 108 медициналық мәкеме, 172 мектеп, 144 балалар бақшасы оңлаўға мүтәж жағдайда. Көплеген бақша ҳәм мектеплерде ысытыў системасы истен шыққан. 19 мектепте қатнаў коэффициенти жоқары болып, оқыўшы орынлары жетиспейди.

Сол себепли, усы жылы Қашқадәрьяда социаллық тараў ҳәм инфраструктураны жақсылаў ушын республикалық бюджеттен қосымша 360 миллиард сум ажыратылатуғыны атап өтилди. Сондай-ақ, халықаралық финанс институтларының қаржыларынан 100 миллион доллар жеңиллетилген қаржылар бағдарланады.

Бүгинги күнде 350 мың адам жумысқа мүтәжлиги, жаңа мәҳәлле кесиминде ислеў системасы тийкарында оларды исбилерменлик, өнерментшилик, кестешиликке тартыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Ўәлаят үлкен санаат потенциалына ийе болса да, жалпы аймақлық өнимде санааттың үлеси дерлик 18 процент екени көрсетип өтилди.

Соның ушын 2022-2023-жылларға мөлшерленген улыўма баҳасы 14,7 триллион сум болған 270 санаат жойбарының бағдарламалары қәлиплестирилгени мәлим етилди.

Таллимаржан ыссылық электр станциясының қуўатлылығын кеңейтиў, Ғузарда қуяш электр станциясын қурыў, Дийқанабад ҳәм Қамашида қурылыс материаллары кластерин иске қосыў, Китаб районында цемент заводын шөлкемлестириў сыяқлы ири жойбарлар басланған.

Күни кеше қол қойылған Президент қарарында Қашқадәрьядағы исбилерменлердиң жойбарларын қаржыландырыўға 45 миллион доллар бағдарланатуғыны белгиленген.

Аўыл хожалығында 7,4 триллион сум муғдарында 524 жойбарды әмелге асырып, 286 мың жумыс орнын жаратыў мүмкин екени атап өтилди.

Соның ишинде, 40 мың гектардан аслам жерлер қайта пайдаланыўға киргизиледи. 20 мың гектарда анар бағлары жаратылады. Яккабоғ, Чироқчи, Қамаши, Шахрисабз ҳәм Китаб районларын суў менен тәмийинлеў ушын «Аёқчисой» сел суў сақлағышы қурылады. Қыйтақ жерде мийўе-овощ жетистириў, шарўашылық ҳәм ферула жетистириў қоллап-қуўатланады.

Социаллық инфраструктураны раўажландырыў, халықтың турмыс шараятларын жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Усы жылы Қашқадәрьяда 5 мың квартиралы 143 көп қабатлы турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылады.

1 мың 823 километр ишимлик суў тармақлары ҳәм 1 мың 570 километр ишки жоллар қурылады, 9 мыңнан аслам халықтың газ тәмийнаты қайта тикленеди.

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде усы жылы 30 орынның көриниси жақсыланады.

Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ҳәм мектеплер, медициналық пунктлер қурыў, жаслардың ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Жуўапкер басшылар Президент айтқан тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын шөлкемлестириў бойынша халық депутатлары алдында есабат берди.

Мәмлекетимиз басшысы қалалық ҳәм районлық студиялардағы халық пенен сәўбетлесип, олар билдирген усынысларды қоллап-қуўатлады.

Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев Қаршы қаласындағы киши санаат зонасында жайласқан «UzShoes» қоспа кәрханасының жумысы менен танысты.

Бизге белгили, Қашқадәрьяда былғары аяқ кийим көп. Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа алдынғы еткен сапары ўақтында бул имканияттан пайдаланып, былғары өнимлерин қайта ислеўди жолға қойыў бойынша көрсетпе берген еди. Буннан кейин аймақта 4 жойбар иске қосылды.

Атап айтқанда, «UzShoes» кәрханасы беларуслы исбилерменлер менен бирге ислесиўде 6 миллион доллар есабынан шөлкемлестирилди. Кәрханаға Германия, Италия ҳәм Австриядан үскенелер алып келинип орнатылды. 350 жумыс орны жаратылды.

Кәрхана жылына 500 мың жуп аяқ кийим ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Бүгинги күнде ерлер, ҳаял-қызлар ҳәм балалар ушын 10 түрдеги былғары аяқ кийимлер таярланбақта. Сапалы ҳәм шырайлы бул өнимлер импорттың орнын биймәлел басады.

Соның менен бирге, Қаршыда тигилген аяқ кийимлер Европа мәмлекетлериндеги 100 ден аслам саўда дүканларында сатылмақта. Сондай-ақ, қоңсы мәмлекетлер ҳәм Ҳиндстан менен келисимлерге ерисилген.

Мәмлекетимиз басшысы аяқ кийимлерди таярлаў процесин көзден өткерди, усы жерде жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.

Сондай-ақ, Президент Қаршы қаласында спорт билимлендириўи бойынша презентация менен танысты. Спортты раўажландырыў министри жаслар арасында ғалабалық спортты раўажландырыў илажлары бойынша 1-апрель күни өткерилген мәжилистеги ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққында есабат берди. Жуўапкерлерге сырт ел қәнигелерин тартып, селекция жумыслары ҳәм оқыў бағдарламасын дурыс қәлиплестириў бойынша көрсетпелер берди.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қашқадәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

Ўлмас БАРОТОВ,

ӨзАның хабаршылары