Монголия пайтахты Улан-Батор қаласында спорт гүреслери бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери даўам етпекте.
Бүгин, 23-апрель күни еркин гүрес бойынша жарысларға старт берилди. Еркеклер арасында Өзбекстан сайланды командасы қурамында 92 кг салмақ категориясында қатнасып атырған қарақалпақстанлы палўан Әжинияз Сапарниязовтың дәслепки қарсыласы шек таслаў нәтийжелерине муўапық монголиялы тәжирийбели палўан Оргилох Дагвадорж болды.
Жерлесимиздиң беллесиўдеги нәтийжелери ҳаққында қосымша мағлыўмат беремиз.
Еслетип өтемиз, Монголияда өткерилип атырған спорт гүреслери бойынша Азия чемпионатына Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы 9 спортшы (соннан еки ер спортшы, жети ҳаял-қызлар) қатнаспақта. Грек-рим гүреси бойынша еркеклер арасында 87 кг салмақ категориясында жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратов Азия чемпионатының гүмис медалына ийелик еткен болса, қызлар арасында 53 кг салмақта Ақтеңге Кеўнимжаева ҳәм 62 кг салмақ бойынша Набира Есенбаевалар бронза медалы ушын беллесиўлерде жеңилиске ушырады.
Сайтымызды бақлап барыўды даўам етиң!
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.