Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умурзаков Токио қаласында Япония сыртқы ислер министри Ёсимаса Хаяши менен ушырасты.

Сөйлесиў сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық тараўларда байланысты және де жеделлестириў, еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў шеңберинде биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўдың ҳәзирги жағдайын додалаўға бағышланды.

Кейинги жыллары еллеримиз арасындағы қатнасық жоқары исеним ҳәм өз-ара түсинисиў менен ажыралып туратуғын жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди. Бул бирге ислесиўдиң жаңа механизмлерин енгизиў, жаңа бағдарларда тығыз байланыс орнатыў имканиятын бермекте. Ушырасыў ўақтында сиясат, инвестиция, саўда, қаржы, санаат, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм инновация тараўларында конструктивлик сөйлесиўди кеңейтиўге өз-ара таярлық билдирилди.

Усы айда болып өткен «Орайлық Азия+Япония» сөйлесиўи шеңбериндеги сыртқы ислер министрлери 8-мәжилисиниң мазмун-мәниси ҳаққында сөз болды. Байланысты және де кеңейтиў, өз-ара бирге ислесиў күн тәртибин сөйлесиўде қатнасыўшы мәмлекетлердиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған регионаллық әҳмийетке ийе өз-ара пайдалы жойбарлар менен байытыў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Энергетика, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, жеке меншик секторды раўажландырыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў процеси талланды. Пайда болып атырған барлық мәселелер бойынша өз-ара қолайлы шешимлер ислеп шығылды.

ӨзА