Қарақалпақстан радиосына–90 жыл

1941-жылдыӊ 18-июлинде Нөкис қаласы ҳаял-қызларыныӊ жаўынгер дружиналары Қарақалпақстанныӊ барлық ҳаял-қызларына Үндеў жәриялады. Онда «бизлер ерлеримиздиӊ, аға-инилеримиздиӊ ҳәм улларымыздыӊ қәнигелигин ийелеўимиз тийис. Бизлер тракторшы, шофер, культиваторшы, суўшы, бухгалтер болыўмыз керек. Биз, ҳаяллар тылдыӊ қай участкасында болмайық, ерлердиӊ орнында ислеў ушын резерв болыўымыз керек. Бизлердиӊ ҳәр биримиз винтовка менен пулёметтан оқ ата алатуғын, ҳаўадан қорғаныў усылын билетуғын, санитариялық хызмет ислей алатуғын болыўымыз лазым-делинген.

Фашизимге қарсы ғалаба халықлық гүресте колхозшы дийқанлар «ҳәр ханасы душпанға бир оқ» деп елимизге пахтаны көбирек жеткерип бериў ушын гүрессе, санаат рабочийлары өнимди көбирек ислеп шығарыўға күш салды. Әдебият ҳәм исскуство хызметкерлери де шетте қалмады. Жазыўшылар аўқамы басқармасы тәрепинен 12 бригада дүзилип, олардыӊ конкрет ис жобасы тастыйықланды. Районларды аралаған бул бригадалардыӊ қурамында болған жазыўшы ҳәм шайырларымыздан Жолмурза Аймурзаев, Нәжим Дәўқараев, Әмет Шамуратов, Наўрыз Жапақов, Қәлли Айымбетовлар халықтыӊ душпанға деген өшпенлилигин арттыратуғын жалынлы сөзлери менен мийнеткешлер алдында шығып сөйледи. Жеӊиске шақырыўшы қосықларын оқып берди.

Мәселен, радио арқалы берилген материаллардыӊ биринде 2-июль күни Қ.Айымбетов, Ж.Аймурзаев ҳәм Ә.Турымбетовлар Төрткүлдеги «Бытовик» артелинде болып, кәрхана ағзаларына ел қорғаў темасына арналған гүрриӊлесиўлер өткергени, қосықлар оқып бергени туўралы хабар берди.

Қарақалпақ шайырлары менен жазыўшыларыныӊ гүреске шақырыўшы жалынлы шығармалары эфир арқалы жедел түрде берилип, халқымызды душпан менен аяўсыз гүрес жүргизиўге руўхландырды.

Қарақалпақ әдебиятыныӊ көрнекли ўәкили Ж.Аймурзаев радиоға 1932-жылдан бери белсене қатнасады. Ол 1932-жылы биринши мәртебе радиокомитеттиӊ басқарма ағзасы болды. Соннан берли өзиниӊ жалынлы қосықлары менен эфир арқалы халыққа хызмет етип киятыр.

Ол урыс басланған күннен баслап, республика жазыўшыларыныӊ биринши қатарында эфирде «Жаўды жексен етемиз», «Радио ҳаўазы», «Совет қызлары», «Биз жеӊемиз, исимиз ҳақ» ҳәм тағы да басқа да қосықлары менен халықларға күш-қуўат, йош бағышлады. «Шамурат шабандоз», «Украина от ишинде», «Түркмен қызы Теленаржан», «Политрук Полатов», «Қан менен жазылған хат», «Тамара», «Полина-Украина қызы» уқсаған қосықлары ҳәм поэмалары менен эфирге тез-тез шығып турады.

Сондай-ақ, Д.Назбергеновтыӊ «Ананыӊ хаты», Т.Сейтмамутовтыӊ «Ўатан ушын», М.Дәрибаевтыӊ «Гүреске», Б.Қайыпназаровтыӊ «Мен советтиӊ әскери», А.Шамуратовтыӊ «Фашизмге өлим» деген бәлент патриотлық пафос пенен жазылған қосықлары дөретилди ҳәм олар урыстыӊ дәслепки күнлеринде жоқары дөретиўшилик илҳам, душпанға деген жек көриўшилик оятып, эфир толқынларында совет адамларыныӊ руўхый үстинлиги, тайсалмай гүрес жүргизетуғынлығыныӊ символы, жеӊилмеслигиниӊ нышаны сыпатында көринди.

Атап айтқанда, шайыр Сәрсен Қурбаниязов урыстыӊ дәслепки күнлеринде жазылған «Атлан халқым» қосығында:

Атлан халқым, атлан халқым ғалаба,

Атлан халқым, гүрес қызғын далаға!

Атлан халқым, атлан уллы күш пенен,

Қәўип туўды бизиӊ Ўатан анаға!

А.Дабыловтыӊ қосықларында патриотлық, урыс темасы жетекши орынды ийеледи. 1943-жылдыӊ 3-майында эфирде оқылған «Биз жеӊемиз» қосығында:

«Ете алмайды зорлық бизге,

Ерк бермеймиз фашизмге,

Ҳәр биримиз теӊбиз жүзге,

Бул урыста биз жеӊемиз!»-

деп фашизмге нәлет айтып, жеӊис бизики болады деген пикирди жеткере билди. Шайырдыӊ «Нәмәрт жигит неге дәркар» қосығы халқымызға кеӊ таралды ҳәм жаўға деген өшпенлиликти арттырды.

«Жигитте намыс болмаса,

Халқы ушын бел буўмаса,

Ўатан ушын туўылмаса,

Ондай жигит неге дәркар.»

Бул қосыққа дәрҳал нама жазылып, артистлеримиздиӊ репертуарынан кеӊ орын алып, елеге шекем өз әҳмийетин жойтқан жоқ. А.Дабылов 1943-жылдыӊ 20-ноябринде эфирден өзи оқыған «Есенова Оразгүл» шығармасында:

«Шықты көп ишинен ашылған бир гүл,

Сөйлеп шыққан ўақта сайраған бүлбил,

Фамилиясы Есенова Оразгүл,

Қәдди-бойы мийнет пенен зибалы»-

деп қатардағы мийнет адамларыныӊ фронт ушын ислеген пидәкерлик мийнетин тәрийплейди.

Баспасөз материаллары тийкарында ықшамлап таярлаған:

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.