Қаршы қаласында болып өтип атырған халық депутатлары Қашқадәрья ўәлаяты кеңесиниң гезексиз сессиясында шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Президент Шавкат Мирзиёев 2021-жыл ноябрь айынан берли Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкими ўазыйпасын атқарып киятырған Азимов Муроджан Бердиалиевичтиң кандидатурасын ўәлаят ҳәкими лаўазымына усыныс етти.
Даўыс бериў нәтийжелерине муўапық, М.Азимов Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги