Театр ҳәм музыканыӊ инсанды руўхый жақтан тәрбиялаўдағы орны айрықша болып табылады. Сонлықтанда елимизде жас әўладты кишкенелигинен жетик билим алыўы менен бирге,  көркем өнер ҳәм әдебиятқа қызығыўшы инсанлар етип тәрбиялаўға дыққат қаратылып келинбекте.

Усы мақсетте  республикамыздағы театрлар да көплеген унамлы жумысларды әмелге асырып келмекте.

Атап айтқанда Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры жәмәәти ағзалары Шымбай районындағы «Қызылөзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында болып, ол жердеги 17-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары ҳәм педагогларына сценарий авторы Дарийха Дарушова, сахналастырыўшы режиссёры Роза Пиязова болған «Оӊымдағы түсим» атлы спектаклин қойып берди.

-Аўылымызға көп ўақытлардан берли театрлар келген жоқ еди,-дейди мектеп муғаллими Муҳаббат Мәмбетбаева.-Спектаклди көрип оқыўшыларымыз оннан әдеўир тәсирленди. Ондағы Қарабай роли арқалы тек тири жанға емес, ал, жансыз затларға да азар бермеў кереклигин түсинип жетти. Сонлықтан бизлер театр жәмәәтине өзлеримиздиӊ тереӊ миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Шынында да, спектаклди көрер екенбиз, ондағы роллерди шеберлик пенен атқарған актёрлардыӊ өз исине деген пидайылығына таӊ қаласаӊ. Бул болса келешегимиз болған жас әўладтыӊ ертеӊги күни руўхый дүньясы бай, тәлим-тәрбиялы жақсы инсанлар болып жетилисиўинде әҳмийетли орын тутпақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы