Қарақалпақ поэзиясында өзине тән жолға ийе шайырларымыздыӊ бири Халила Дәўлетназаровтыӊ қосық топламлары кирип бармаған шаӊарақ яки китапхана шенде-шен. Көп жыллар даўамында қәлем тербетип киятырған шайырдыӊ «Хат» (1980), «Сен маған керексең» (1986), «Сен жақсы қызсаң» (1988), «Ашық болмаған ким бар» (1991), «Хош бол жаслығым» (1993), «Әлўидағ муҳаббат, әлўидағ» (1993), «Дос болыў ҳәммениң қолынан келе бермейди» (1994), «Ашық болып жасаң» (2011), поэзиялық китаплары ҳәм “Ҳәсирет ҳәўири” (1985), “Тынышлық ҳаққында сөз” (1986), “Анама хат” (1987), “Әлўидағ муҳаббат, хош бол жаслығым” (насырый) (1993), “Зийўарий шежире” (1995) ҳәм (2016) “Батырлық баязы” китаплары өз оқыўшыларын таўып, олардыӊ арасында көплеген қосықларға композиторларымыз тәрепинен намалар дөретилген ҳәм бул дөретпелер елимизге белгили қосықшылар тәрепинен сахналарда атқарылып келинбекте.
1952-жылы Кегейли районыныӊ Халқабад елатында туўылған Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстанға мийнети сиӊген журналист Халила Дәўлетназаров 70 жасқа толмақта. Усы мүнәсибет пенен республикамыздыӊ бир қатар аймақларында шайырдыӊ өз оқыўшылары менен ушырасыў кешелери шөлкемлестирилип, саз-сәўбетли әдебий ағартыўшылық илажлар өткерилмекте.
Мине, усындай ушырасыўлардыӊ бири «Китап сүйер миллет» сүрени астында өткерилип атырған «Китапқумарлық ҳәптелиги» шеӊберинде «Жасағыӊ, жасарғыӊ, жазғыӊ келеди» атамасында Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлими ҳәм Нөкис районлық мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен шөлкемлестирилди.
Оған шайырдыӊ көплеген ықласбентлери, мектеплердеги дөретиўшилик-мәдений мәселер бойынша үгит-нәсиятшылар, әдебиятқа ықласы бәлент жас дөретиўши оқыўшылар қатнасты.
Кешеде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Н.Тойымбетов, Нөкис районы Мәлимлеме китапхана орайы директоры Л. Нурымбетова, ветеран муғаллим Ҳ.Бердиева, Х.Дәўлетназаровтыӊ бирге ислескен шәкиртлериниӊ бири журналист Ә.Оразовлар шығып сөйлеп, шайыр Х.Дәўлетназаровтыӊ өмири ҳәм дөретиўшилик жолы ҳаққында кеӊ түрде айтып өтти ҳәм шайырға шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалар тапсырылды.
Ушырасыўда шайыр Х.Дәўлетназаров шығып сөйлеп, өзиниӊ әдебият ҳәм журналистикаға кирип келиўи, бул жолдағы талпыныслары, устазлары, қосықлардыӊ дөрелиў процесслери ҳаққында оқыўшыларға кеӊ түрде айтып берип, олардыӊ қызықтырған сораўларына жуўап берди.
Кешеде сондай-ақ, шайыр дөретпелеринен үзиндилер айтылып, районлық мәденият бөлими хызметерлери тәрепинен нама қосықлар атқарылды ҳәм бул жыйналғанларға бир дүнья заўық бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы