Бүгин, 21-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға бағышланған ушырасыў болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник А.Орынбаев, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы И.Абдикаликов, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасынан тийисли жуўапкерлер, ишки ислер уйымларының тийисли тараў басшылары, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер қатнасты.

Ушырасыўды институт ректоры Б.Отемуратов басқарып барды.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетимизде жасларға болған итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, Үшинши Ренессанстың тийкарын жаратыўшы келешек ийелериниң оқып билим алыўы, кәсип-өнер ийелеп, халыққа хызмет көрсетиўи, исбилерменлик пенен шуғылланыўы, өзлериниң ийгиликли мақсетлерин әмелге асырыўы ушын кең имканиятлар жаратылмақта.

Жаслар менен еле де кеңнен ислесиў, олар арасына кирип барыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде өткерилип атырған руўхый-ағартыўшылық, мәдений ҳәм спорт илажларына қарамастан олар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ушырасып атырғаны ашшы ҳақыйқат. Өткен жылы республикамыз көлеминде жоқары оқыў орынларының студентлери тәрепинен әмелге асырылған жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлар 19 ды қураған болса, усы жылдың өткен үш айы даўамында бул көрсеткиштиң 12 ни қурағанлығы тараўда әмелге асырылатуғын жумыслардың көлеми ҳәм нәтийжелилигин жаңа басқышқа көтериўди талап етпекте.

Ушырасыўда бул бағдарда усы күнге шекем ҳәр бир мәкеме өз алдына жумыс ислеп келгенлиги, бирақ буннан былай Ишки ислер министрлигиниң профилактикалық инспекторлары, Жаслар ислери агентлигиниң мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери ҳәм институт тьюторларының жумысларын муўапықластырыў ҳәм өз ара биргеликте ислесиўин тәмийинлеў бойынша жол картасын ислеп шығыўға келисип алынды.

Илажда Ишки ислер министриниң тийисли буйрығына муўапық, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профилактикалық инспекторы лаўазымына тайынланған капитап Машарипов Баҳадыр Жумабаевич таныстырылып, оның лаўазымлық ўазыйпалары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ушырасыў даўамында тийисли жуўапкерлер студентлер менен ашық сәўбетлесиў өткерип, олардың сораўларына жуўаплар берди ҳәм жаслардың атап өтилген мәселелер бойынша көзқарасларын, пикир-усынысларын тыңлады.

Өз гезегинде, институт студентлери жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы илажларында тек ғана ҳуқық қорғаў ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў уйымлары емес, соның менен бирге, ҳәр бир жастың өзи де белсендилик көрсетиўи, мәмлекетлик уйымларға жәрдем бериўи кереклигин атап өтип, усынысларын билдирди.

Атап айтқанда, студентлер арасында мүддетли әскерий хызметти өтеп келген жасларды профилактикалық инспекторларға бириктирген ҳалда жумыс ислеўин тәмийинлеў, бул бағдардағы үгит-нәсият жумысларын еле де күшейтиў, жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеўге ықтыярлы түрде жәрдем бериўди қәлеген жасларға шараятлар жаратыў сыяқлы усыныслар билдирилди.

Институт ректоры усындай илажларға белсене қатнасқан студентлерге институт қаржылары есабынан базалық стипендияның 50 проценти муғдарында қосымша үстеме төлемин төлеў мәселесин көрип шығатуғынлығын мәлим етти.

Сондай-ақ, ушырасыўда тараўда орын алып атырған айырым машқалалар, олардың шешимлери бойынша сораў-жуўаплар өткерилип, Ишки ислер министри А.Орынбаев бул бағдарда буннан кейин де студентлер менен ашық сәўбетлесиўлерди даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти ҳәм жуўапкерлерге өз усынысларын билдирди.

Ушырасыў соңында Ишки ислер министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, институт ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен алып барылатуғын жумыслар келисип алынды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.