Қарақалпақстан радиосына–90 жыл

Урыстан алдыӊғы жыллары Айымхан Шамуратованыӊ , Есжан Қосполатовтыӊ, Жапақ Шамуратовтыӊ, Айтжан Хожалепесовтыӊ, Ибрайым Патуллаевтыӊ, Қыяс Хайратдийновтыӊ, Фатийма Бекполатованыӊ ҳәм басқа да хошҳаўаз, шебер атқарыўшылардыӊ қосық ҳәм намалары пластинкаларға түсирилген еди. Бул пластинкалар радиоеситтириўлерде кеӊнен пайдаланылды. Бирақ, олардыӊ айырымлары қайта-қайта айттырыла берилгенликтен тозған, даўысы таза ҳәм анық шықпайтуғын еди. Солай болса да еплеп пайдаланылды. Бурынғы аўқам халықларыныӊ концерт бағдарламасында «Вставай, люди русские», «На поле Куликовом», «Песня об Александре Невском», «Вставай, народ» усаған душпанға өшпенлиликти қоздыратуғын пластинкалардан тез-тез берилип барылды.

Сол қыйын дәўирлерде Қарақалпақстан радиоинформация комитети жанында халық сазлары ансамбли үзликсиз ислеп турды. Оныӊ қурамында белгили атқарыўшылардан Есжан Қосполатов, Жапақ Шамуратов, Айтжан Хожалепесов, фронттан майып болып келгеннен кейин Ибрайым Патуллаев, жыраў Қыяс Хайратдийнов, гиржекши Қойлы Ахметов, шайыр ҳәм қыссахан Садық Нурымбетов, артистка Фатима Бекполатовалар болды. Олар халқымызды жеӊиске жигерлендиретуғын, мийнет адамларыныӊ руўхын көтериўши, жеӊис ушын тағы да өнимлирек ислеўге инталандырыўшы қосық ҳәм намаларды атқарды.

Баспасөз материаллары тийкарында ықшамлап таярлаған:

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.