Сапардағы биринши мәнзил Көкдала районы болды. Бул ҳәкимшилик бирликти шөлкемлестириў идеясы Шавкат Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасынан орын алған еди.

Олий Мажлис Сенатының быйыл 17-марттағы қарарына муўапық, халыққа қолайлықлар жаратыў ҳәм урбанизация процесслерин тәртипке салыў мақсетинде Шырақшы районының бир бөлегинде Көкдала районы шөлкемлестирилди.

Президенттиң сапары алдында бул жаңа районда «Шырақшы кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң тигиўшилик кәрханасы иске қосылды. Оның имараты жеңил конструкциялардан қурылған. 500ге шамалас жергиликли ҳаял-қызлар ҳәм жаслар жумыс пенен тәмийинленген.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерди, ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.

– Көрип турсызлар, ҳаял-қызлар бойынша қанша қарарлар қабыл етип атырмыз, шөлкемлестириў илажларын көрип атырмыз. Оның негизиндеги мақсет – сизлердиң қуўанышыңызды көриў. Бир ҳаялды, бир қызымды жумыс пенен тәмийинлесек, оның кейпияты пүткил шаңараққа тәсир етеди, перзентлерин жақсы оқытады. Бүгин де көп режелер, имканиятлар менен келдик. Өзбекстанда арзыў-нийетлер әмелге асатуғын заман қурыўға ҳәрекет етип атырмыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Кәрхана жылына 7 миллион таяр кийим ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Өнимлердиң үлкен бөлеги «Samo» бренди астында экспорт етиледи. Оның ушын белгили сырт ел брендлери менен бирге ислесиў режелестирилген.

Кластер басшысына пахта өнимдарлығын арттырыў, жаңа жерлерди өзлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Ҳәммемизге белгили, Еттитом посёлкасы Көкдала районының ҳәкимшилик орайы етип белгиленген. Енди бул жерде инфраструктураны раўажландырыў зәрүр. Президентимиз бул посёлканы толық режелестириў жойбары менен танысты.

Район аймағы 171 мың гектар болып, 32 мәҳәлледен ибарат. Жойбарға бола, Еттитом посёлкасында район ҳәкимлиги ҳәм жергиликли уйымлар ушын имаратлар, «Жаңа Өзбекстан» массиви, бақшалар ҳәм мектеплер, поликлиника, дем алыў бағы, халықаралық әҳмийеттеги жол бойында хызмет көрсетиў ҳәм саўда комплекслери қурылады. 159 километр жол оңланып, 50 километр ишимлик суўы, 80 километр электр тармақлары қурылады.

Президентимиз жаңа имаратларды энергия үнемлеўши етип қурыў, турақ жайлардың төбесине қуяш энергиясы панеллерин орнатыў зәрүр екенлигин атап өтти. Көкдалада 500-1000 мегаваттлық қуяш электр станциялары ҳәм қуяш панеллери қәрханасын қурыў имканиятын үйрениў бойынша тапсырма берилди.

Бул жерде халық ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти. Олар алдын Шырақшы районының орайына шекем 2-3 саатлап жол жүрилгени, бул көп қыйыншылық ҳәм қәрежетлер пайда еткенин айтып берди.

Көкдала районын шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет-бул жерде жасайтуғын 182 мың халық ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, аймақты экономикалық раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумысларымызды жаңа басқышқа көтериў болып есапланады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Усы мақсетте районды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 3 жыллық бағдарлама ислеп шығылатуғыны атап өтилди. Бул жерде инженерлик-коммуникация тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлерин қурыў ушын дерлик 2 триллион сум қаржылар қаратылады. Усы жылы 260 миллиард сумлық 18 жойбар иске қосылады.

ӨзА