Бәршеге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январь күнги «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилип, онда Республиканың барлық аймақларында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, эспертлер ҳәм мәҳәлле белсендилеринен ибарат Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топарларды шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленген еди.

Пәрманда белгиленген усы ҳәм басқа да тийисли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, усы жылдың 13-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде өткерилген мәжилисте Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топардың қурамы тастыйықланды.

21-апрель күни  Нөкис қаласындағы «Дослық үйи»нде Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы Қарақалпақстан Республикасы жәмийетлик топарының биринши мәжилиси өткерилди.

Мәжилисти Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы Қарақалпақстан Республикасы жәмийетлик топарының баслығы («Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети ҚР аймақлық бөлиминиң баслығы) Т.Романов алып барды.

Жәмийетлик топар баслығының орынбасары, (Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясының Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы) А.Урумбаев, топар ағзасы (Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы, Жоқарғы Кеңес депутаты)  Х.Ешимбетов ҳәм басқалар жәмийетлик топардың алдағы жумысларының режелери бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Мәжилисте Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген Раўажланыў стратегиясы шеңберинде қабыл етилген 2022-жыл ушын тастыйықланған Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бағдарламасы бәнтлериниң орынланыўын үйрениў бойынша мониторинг жумысларын алып барыў ҳәм нәтийжелери бойынша жәмийетлик тыңлаўларды шөлкемлестириў мәселелери бойынша пикир-усыныслар тыңланды.

Аймақлық бағдарламаның мүддети жеткен бәнтлерин үйрениў бойынша топар ағзалары арасында бағдарлар бойынша ўазыйпалар бөлистирилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги