Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша Ўәкилге ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ҳуқықы берилгенлиги бойынша әмелдеги нызамшылыққа өзгерислер киргизилди.

Президентимиздиң 2020-жыл 29-декабрьдеги  Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында айырым орынларда  мәмлекетлик уйымлар системасындағы басшы ҳәм жуўапкерлер тәрепинен исбилерменлердиң мүлкке байланыслы ҳуқықларының бузылыў жағдайлары елеге шекем даўам етип атырғанлығы атап өтилип, Бизнес-омбудсманға исбилерменлик субъектлердиң ҳуқықларын бузған мәмлекетлик уйымлардың жуўапкерлерин ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша ўәкиллик бериўди усыныс еткен еди. Бурынлары Бизнес-омбудсманда ҳәкимшилик жәриймаға тартыў ўәкиллиги болмады.

Исбилерменлик тараўында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық келтирип шығаратуғын нызамбузыўшылықлар бойынша ислердиң айырым статьялары бойынша 2022-жыл 11-январьға шекем қалалық ҳәм районлық ҳәкимшилик судлары тәрепинен көрип шығылған. Сол күни «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы Кодекстиң 245 ҳәм 2458-статьяларына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызамға қол қойылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша Ўәкилдиң атынан ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыўға және жәрийма түриндеги ҳәкимшилик жазаларды қолланыўға оның орынбасарлары ҳәм ўәкил аппараты бас инспекторлары ҳақылы.

Ендигиден былай жол қойылған 9 түрдеги ҳәкимшилик ис, соның ишинде, жур участкаларын нызамсыз алып қойыў, жеке мүлк ҳуқықын бузыў, исбилерменлердиң жумысын тексериў, исбилерменлик субъектлериниң жумысын ҳәм (ямаса) олардың банклердеги есап бетлери бойынша операцияларын нызамға қайшы түрде тоқтатып турыў, исбилерменлик субъектлерин қәўендерликке ҳәм басқа да илажларға тартыў, жеңилликлер ҳәм преперенцияларды қолланыўда нызамсыз түрде бийкарлаў, қолланбаслық ямаса қолланыўға тосқынлық етиў, исбилерменлик субъектлериниң есап бетинде пул қаржылары бар екенлиги ҳаққындағы мәлимлемени талап етип алыў, исбилерменлик субъектлеринен нызамды бузған ҳалда ҳүжжетлерди талап етиўге байланыслы айырым статьялар бойынша ислерди көриў ҳәм ҳәкимшилик жәрийма таярлаў Бизнес-омбудсман, оның орынбасарлары ҳәм ўәкил аппараты бас инспекторлары тәрепинен көрип шығылатуғынлығын атап өтиў керек.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 2458-статьясына өзгерис киргизилип, соған муўапық Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша Ўәкилге усы Кодекстиң 43 (исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатлары бөлиминде), 2002 (исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының бузылыўы бөлиминде), 2411-2414-2416-2418-24110-сататьяларында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер тийисли.

Б.ЖАҚСЫМОВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша Ўәкил аппаратының жетекши инспекторы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги