Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Республикамызда мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде бюрократизм, өзи боларлық ҳәм басқа да ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыў, ескирген ҳәм заман талапларына сәйкес келмейтуғын тәртип-қағыйдаларды түп-тийкарынан қысқартыўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, халық ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен 73 түрдеги мағлыўматнама ҳәм ҳүжжетлер берилиў талабы бийкар етилип, мәмлекетлик уйымлар тәрепинен бул мағлыўматларды «Электрон ҳүкимет» системасы уйымлар аралық интеграцияласыў платформасынан пайдаланған ҳалда алыў системасы енгизилди.
Соның менен бирге, халыққа мәмлекетлик хызметлерди қолайлы ҳәм аңсат түрлерде көрсетиў көлемин арттырыў ҳәм пуқаралардың мәкемеме-мәкеме сергиздан болып жүриўиниң алдын алыў, мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системасында бар мағлыўматларын исенимли қорғаў бойынша жумысларды избе-из даўам еттириў зәрүр.
Физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын мәмлекетлик хызметлер көрсетиў көлемин арттырыў, халықтың аралықтан турып электрон мәмлекетлик хызметлерден еркин пайдаланыў мүмкиншиликлерин кеңейтиў, сондай-ақ, бул бағдарда ҳәмме ушын тең имканиятлар жаратыў арқалы инклюзив орталықты қәлиплестириў мақсетинде:
- 2022-жыл 1-августтан баслап:
а) мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын пуқараны идентификациялаўдың бар система ҳәм қуралларына қосымша түрде физикалық тәрепти идентификациялаўдың Мобил-ID системасы (кейинги орынларда – Мобил- ID системасы) енгизилсин;
б) сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
Мобил-ID системасы «Электрон ҳүкимет» системасының пайдаланыўшыларын идентификациялаў бойынша бирден-бир мәлимлеме системасының структуралық бөлеги болып есапланады ҳәм шахсты оның мобил телефон саны арқалы идентификациялаўды нәзерде тутады;
шахсты Мобил-ID системасы жәрдеминде идентификациялаў пуқараның қәлеўине бола мәмлекетлик хызметлер орайы (кейинги орынларда – Орай) ямаса нотариал уйым тәрепинен яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталының (кейинги орынларда – БИМХП) мобил қосымшасы арқалы әмелге асырылады;
Мобил- ID системасы жәрдеминде идентификациядан өтиў ушын пуқара тәрепинен тиккелей Орай ямаса нотариал уйымға мүрәжат еткенде шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң өзи усынылады және Орай ямаса нотариал уйым хызметкери тәрепинен пуқараның жүзи санлы форматта сүўретке түсириледи, электрон түрде қол бармағының изи алынады ҳәм мобил телефон саны БИМХПдағы жеке кабинетке байланысады;
Мобил-ID системасы жәрдеминде идентификациядан өтиў ушын пуқара тәрепинен БИМХПның мобил қосымшасынан пайдаланылғанда аралықтан биометрикалық идентификациялаў (Face-ID) усылы ямаса ID-картадағы электрон санлы таңба қолланылады және мобил телефон саны БИМХПдағы жеке кабинетке бийпул байланысады;
тиккелей Орайлар ямаса нотариал уйым арқалы пуқараларды Мобил-ID системасына идентификациялаў 2022-жыл 31-декабрьге шекем төлем өндирилместен, 2023-жыл 1-январьдан баслап базалық есаплаў муғдарының 2 проценти муғдарында бир мәртелик төлем өндирилген жағдайда әмелге асырылады;
Мобил-ID системасының пайдаланыўшылары электрон санлы таңбаны қолланбаған жағдайда барлық мәмлекетлик хызметлерден (буған қаржы хызметлери кирмейди) пайдаланыўы мүмкин;
пуқараның БИМХПдағы жеке кабинетине жиберилетуғын барлық хабарнамалар оның қәлеўине бола ҳәм белгиленген төлемлер тийкарында Мобил-ID системасы арқалы идентификацияланған мобил телефонына SMS-хабар түринде жибериледи.
- Мобил-ID системасын енгизиў ҳәм келешекте техникалық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қәрежетлер Әдиллик министрлигиниң Мәмлекетлик хызметлерди раўажландырыў қоры және Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан тең муғдарда ямаса нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бойынша ўазыйпаларды әмелге асырыўда Әдиллик министрлигиниң келеси бес жыллықтағы тийкарғы жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
«Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде пуқара дыққат орайында» (Citizen – centric service) принципи тийкарында мәмлекетлик хызметлер көрсетиў миллий системасын модернизациялаў;
Орайлардың жумысында қолланылып атырған мәлимлеме-коммуникация технологияларының имканиятларын кеңейтиў, халықтың электрон мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў дәрежесин кескин арттырыў ҳәм жумыс жүргизиўди «қағазсыз» принцип тийкарында алып барыў;
бизнес процесслерин модернизациялаў усыллары (Business Process Reengineering) тийкарында ҳәр бир мәмлекетлик хызметти оптималластырыў, соның ишинде, мүддетлер ҳәм талап етилетуғын ҳүжжетлер санын максимал дәрежеде қысқартыў арқалы «бир айна» принципин әмелиятта толық қолланыў;
социаллық-экономикалық ҳәм технологиялық раўажланыўдың ҳәзирги жағдайы, халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мүтәжлиги ҳәм талапларынан келип шығып мәмлекетлик хызметлердиң жаңа түрлерин жолға қойыў және өз әҳмийетин жойытқан мәмлекетлик хызметлерди бирлестириў ямаса бийкарлаў;
физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған пуқараларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде инклюзив орталықты жаратыў;
мәмлекетлик уйымлардың басламасы тийкарында проактив мәмлекетлик хызметлер ҳәм бир сораў бойынша өз-ара байланыслы композит мәмлекетлик хызметлер көрсетиў әмелиятын кеңейтиў;
өзине өзи хызмет көрсетиў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик хызметлерден еркин пайдаланыў көнликпелерин арттырып барыў.
- Төмендегилер:
Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын модернизациялаў ҳәм жедел раўажландырыўдың 2022-2026-жылларға мөлшерленген миллий стратегиясы 1-қосымшаға муўапық;
Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын модернизациялаў ҳәм жедел раўажландырыўдың 2022-2026-жылларға мөлшерленген миллий стратегиясын 2022-2023-жыллары әмелге асырыў бойынша «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық;
2022-жыл 1-июльден айырым талап ҳәм шәртлери бийкар етилип атырған лицензиялар ҳәм руқсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлер дизими 3-қосымшаға муўапық;
2022-жыл 1-июньнен Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында электрон санлы қол таңба менен тастыйықлаў талап етилмейтуғын мәмлекетлик хызметлер дизими 4-қосымшаға муўапық;
«Электрон ҳүкимет» шеңберинде халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер ҳаққында электрон хабардар етиў системасына мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системаларын интеграциялаў кестеси 5-қосымшаға муўапық;
Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы жумысларды жүргизиў ҳәм көрип шығыў ўәкиллигине ийе болған мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базаларын Бирден-бир биллинг системасына басқышпа-басқыш интеграциялаў системасы 6-қосымшаға муўапық;
2022-2026-жыллары мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын жедел раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери (индикаторлары) 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 2022-жыл 1-июльден баслап комунналлық шөлкемлер тәрепинен халықтан, соның ишинде, исбилерменлик субъектлеринен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-марттағы ПП-6191-санлы пәрманының 4-бәнти, сондай-ақ, 2021-жыл 24-июльдеги ПП-6269-санлы пәрманының 5-бәнтинде нәзерде тутылған мағлыўматлар менен ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етилетуғыны белгиленсин.
«Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Ҳудудгазтаъминот» АЖ, «Өзсуўтәмийнат» АЖ ҳәм «Тошиссиққуввати» МУК Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-июньге шекем өз мәлимлеме системаларының «Электрон ҳүкимет» системасы шеңберинде ислейтуғын Санлы мағлыўматлар платформасына интеграцияланыўын тәмийинлесин.
- Хызметлер көрсетиўдиң сапасын арттырыў, пуқаралар ҳәм жеке меншик секторға және де қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде 2022-жыл 1-сентябрьден баслап төмендеги мәмлекетлик емес шөлкемлерге «Электрон ҳүкимет» системасы арқалы алыныў мүмкин болған мағлыўматлардан пайдаланыў имканияты жаратылсын:
коммерциялық банклер;
телекоммуникация шөлкемлери;
жеке меншик медицина шөлкемлери;
мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери;
қамсызландырыў шөлкемлери.
«Электрон ҳүкимет» системасынан пайдаланыўға руқсат берилген мәмлекетлик емес шөлкемлер шахсқа байланыслы мағлыўматларды қорғаў және үшинши шахсларға мәлим етпеў бойынша зәрүр шөлкемлестириў ҳәм техникалық илажларды көриўи шәрт екенлиги. Онда, шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққындағы нызамшылық талапларына әмел етиў тийисли лицензияның талап ҳәм шәртлеринен бири болып есапланатуғыны белгиленсин.
- Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги:
бир ай мүддетте «Электрон ҳүкимет» системасы шеңберинде мағлыўматларды мәмлекетлик емес шөлкемлерге беретуғын Санлы мағлыўматлар платформасын ислеп шықсын;
еки ай мүддетте мәмлекетлик емес шөлкемлерди Санлы мағлыўматлар платформасына жалғаў және барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системаларында бар болған мағлыўматлар мәмлекетлик шөлкемлерге тек ғана Санлы мағлыўматлар платформасы арқалы берилиўин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
2022-жыл 1-июньге шекем усы пәрманда 4-қосымшада көрсетилген мәмлекетлик хызметлерден БИМХПда электрон санлы қол таңба менен тастыйықламастан пайдаланыў имканиятын жаратсын;
2022-жыл 1-августқа шекем мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын Мобил-8D системасын, сондай-ақ, шахсқа байланыслы мағлыўматларды «Электрон ҳүкимет» системасынан пайдаланған ҳалда бериўдиң жаңа тәртибин енгизиў бойынша шөлкемлестириў-техникалық илажларды әмелге асырсын.
- Шахсқа байланыслы мағлыўматлардың конфиденциаллығын ҳәм исенимли қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде 2022-жыл 1-августтан баслап шахсқа байланыслы мағлыўматларды «Электрон ҳүкимет» системасынан пайдаланған ҳалда алыўдың төмендеги тәртиби енгизилсин:
мәмлекетлик уйымлар тәрепинен шахсқа байланыслы мағлыўматлар «Электрон ҳүкимет» системасы арқалы сорап алынғанда шахсқа байланыслы мағлыўматлар субъектиниң БИМХПдағы жеке кабинети ямаса Мобил-ID системасы арқалы идентиифкациядан өткен мобил телефонға бул ҳаққында хабарнама жибериледи (буған мәмлекетлик сыр ҳәм нызамшылыққа муўапық пайдаланыў шекленген мағлыўматларды өз ишине алған жағдайлар кирмейди);
хожалық бирлеспелери, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәкемелер, «Электрон ҳүкимет» системасынан пайдаланыўға руқсат берилген мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен жумысларды орынлаў ҳәм хызметлерди көрсетиўде шахсқа байланыслы мағлыўматлар оның келисими менен «Электрон ҳүкимет» системасы арқалы бериледи. Онда, мағлыўматлар тийисли шөлкемге шахсқа байланыслы мағлыўматлар субъектиниң БИМХПдағы жеке кабинети ямаса Мобил-ID системасы арқалы идентификациядан өткен мобил телефоннан тастыйық алынғаннан кейин «Электрон ҳүкимет» системасы арқалы бериледи.
Мәмлекетлик персоналластырыў орайы Әдиллик министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкиллик, функция ҳәм жумыс бағдарынан келип шығып, «Электрон ҳүкимет» системасы арқалы шахсқа байланыслы мағлыўматлардан пайдаланыў шеңбери ҳәм шегараларын белгилеў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл 1-июньнен баслап:
«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған шахслар ҳәм олардың перзентлери және «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўде өткерилетуғын кириў тест сынақларында қатнасыў ушын өндирилетуғын төлемлерден азат етиледи;
Орайларда халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине электрон мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын өзине-өзи хызмет көрсетиўши орынлар шөлкемлестириледи. Онда, Орайларда жумыс алып барып атырған операторлардың кеминде 1 еўи мәмлекетлик хызметлерден еркин пайдаланбақшы болған шахсларға тиккелей жәрдем көрсетиўге тартылады;
мәмлекетлик хызметтен пайдаланыўда өндирилетуғын төлемлерди Орайларда жайласқан коммерциялық банклер шақапшасынан нақ ямаса пулсыз түрде әмелге асырғанда еки процентке шекемги коммерциялық банктиң комиссия суммасы ушын өз алдына төлем өндирилмейди (буған мәмлекетлик бажы төлемлери кирмейди). Онда, қаржыларды алыўшылардың ҳәр бирине қаратылатуғын суммалар пропорционал түрде азайтылған ҳалда, коммерциялық банктиң комиссия төлеми хызметтен пайдаланыў ушын төленетуғын төлем есабынан өткерип бериледи;
шөлкемлестириў-ҳуқықый түрине қарамастан мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ямаса басқа да ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыў функциялары жүкленген шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары ҳәм жуўапкер хызметкерлери мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлерин бузғаны ушын жуўапкер болып есапланады.
- Әдиллик министрлиги 2022-жыл 1-июльге шекем:
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Электрон технологияларын раўажландырыў орайы ҳәм Мәмлекетлик персоналластырыў орайы менен биргеликте шахсты Мобил-ID системасы арқалы идентификациялаў тәртибин енгизиў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
Орайларда мәмлекетлик хызметлер ушын төлемлерди қабыл ететуғын коммерциялық банклердиң шақапшаларын ижара төлемлерин өндирмеген ҳалда бес жылға шекемги мүддетке жайластырыў бойынша таңлаў өткерсин;
нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 8-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 9-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
13. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги және Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте усы пәрманның мазмун-мәнисиниң ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелениўин тәмийинлесин. - Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип әдиллик министри Р.Қ.Давлетов ҳәм мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Ш.Х.Шерматов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын додалап барыў, жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Әмелге асырылған илажлардың нәтийжелилиги ҳаққында 2022-жыл 1-ноябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 20-апрель